Siyosat Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.А.Адиловтың 8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар байрамына жоллаған қутлықлаўы

Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.А.Адиловтың 8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар байрамына жоллаған қутлықлаўы

0
Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.А.Адиловтың 8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар байрамына жоллаған қутлықлаўы

Ассалаўма-әлейкум, қәдирдан аналар, ҳүрметли ҳаял-қызлар!

Өмиримиздиң мазмунын сизлер қурайтуғыныңызды, әлбетте мойынлаўымыз керек. Ҳаял-қызларымыздың қолы тийген шаңарақ берекетли, олар бар орталықта өзгеше пайыз, мийрим-шәпәәт, татыўлық, бирлик болады. Себеби, бул пазыйлетлер оларға әзийз аналарымыздан өткен болып, ол әўладлардан әўладларға жалғаса береди.
Президентимиздиң басшылығында турмысымыздың барлық тараўларында кең көлемли реформаларды әмелге асырыўда жәмийетимизде ҳаял-қызлардың абырайын арттырыў, билим алыўы ҳәм кәсип ийелеўи, жәмийетлик-сиясий турмысқа белсене қатнасыўы ушын шараятлар жаратыўға дыққат қаратылған. Әсиресе, соңғы ўақытлары әзийз ҳаял-қызларымыздың жасаў шараятына ел басшымыз тәрепинен үлкен дыққат-итибардың қаратылыўы, жәмийетимизде бағыўшысын жоғалтқан яки қыйын жағдайға түсип қалған ҳаял-қызлардың жоқары билим алыўында, жумыс пенен тәмийинлениўинде жеңилликлер жаратылып атырғанын халқымыз қуўаныш пенен қоллап-қуўатламақта. Бизиң районымыздың халқының елиў процентин қурайтуғын ҳаял-қызлардың ерлер менен бир сапта турып, районның социал-экономикалық өсиўинде теңдей мийнет етип атырғанын да мақтаныш етип өтким келеди.
Районымызда республикамызға белгили көплеген мийнет адамларын жетистирген аналарымыз, районнан шыққан белгили ҳаял-қызларымыз да аз емес. Хәзирги күнниң өзинде жас өспирим қызларымыздың үлкен таңлаўларда жеңимпаз болып көзимизди қуўантыўы - олардың ертеңги келешегинен үмит күттиреди.
Биз меҳир-муҳаббат ҳәм адамгершиликтиң дәслепки сабақларын аналарымыздан аламыз. Сонлықтан да ҳаял-қызлар байрамын белгилеўде ҳәм ҳаял-қызларды ҳүрметлеўде үлкен мәни бар.
Ертеңги 8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы менен районымыздағы барлық ақ жаўлықлы аналарымыз менен олардан өнип-өскен ҳаял-қызларымызды шын жүректен қутлықлайман. Ҳәр бир шаңараққа қут-берекет, ҳәр бириңизге беккем саламатлық, перзент тәрбиясында сабыр-тақат, оқыўларыңыз бенен жумысларыңызда таўсылмас күш-жигер тилеймен.