Oқыў-семинары онлайн тәризде өткерилди
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўде мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының жеке жуўапкершилигин күшейтиўге байланыслы қосымша ис-илaжлар ҳаққында" 2021-жыл 10-февралдағы ПП-6166-санлы Пәрманының мазмун-мәнисин ҳәм енгизилген жаңа системаның айрықша тәреплерин кеңнен түсиндириў бойынша оқыў-семинары болып өтти. Онлайн тәризинде өткерилген оқыў-семинарға район ҳǝкимлигиниң хызметкерлери ҳǝм тийисли мǝкеме, кǝрхана ҳǝм шөлкемлердиӊ басшылары менен атқарыў тǝртибине жуўапкер хызметкерлер қатнасты.
Тахтакөпир районы ҳǝкимлиги Мǝлимлеме хызмети