Siyosat Сектор баслығы "Жаңадәрья"да

Сектор баслығы "Жаңадәрья"да

0
Сектор баслығы

Бүгин район ҳәкими, 1-сектор баслығы тәрепинен сектор шеңбериндеги “Жаңадәрья” АПЖ аймағында “Абат аўыл” бағдарламасы тийкарында әмелге асырылып атырған қурылыс, абаданластырыў жумыслары үйренип шығылды. Бунда орын алған кемшиликлер бойынша жуўапкер басшыларға көрсетпелер берилди. Сондай-ақ, аймақта жасаўшы “Хаяллар дәптери”не киргизилген жумыссыз ҳаяллардың шаңарағында болып, олардың машқалалары үйренилди. Абдиева Кенжегулдиң жумыссызлығы есапқа алынып,  ҳақы төленетуғын жәмәәтлик жумысқа қабыл етиў бойынша районлық бәнтликке көмеклесиў орайына көрсетпе  берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети