Siyosat районлық Кеңесиниң жигирма үшинши сессиясы болып өтти

районлық Кеңесиниң жигирма үшинши сессиясы болып өтти

0
районлық Кеңесиниң жигирма үшинши сессиясы болып өтти

Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң жигирма үшинши сессиясы болып өтти
 
Сессияны район ҳәкими, районлық Кеңестиң депутаты Ж.Адилов басқарып барды.

Сессияға район ҳәкиминиң орынбасарлары, депутатлар, пуқаралар жыйыны баслықлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияның күн тәртибинде еки мәселе, яғный  “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы” мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын шөлкемлестириў ҳәм "жол картасы"н тастыйықлаў ҳаққында және  район аймағындағы айырым фермер хожалықларының жер майданларын район ҳәкимлиги жер фондына қайтарып алыў, қосымша жер майданларын ажыратып бериў ҳǝм жаңадан фермер хожалықларын шөлкемлестириў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды. 
Район  ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары Б.Танирбергеновтың ҳәм район ҳәкиминиң аўыл хожалығы ислери бойынша орынбасары С.Талқанбаевтың есабатлары  депутатлар тәрепинен додаланды. 
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Көрилген мәселелер бойынша қарар жойбары  депутатлар тәрепинен бир аўыздан тастыйықланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети