Ma'daniyat Отыз тоғыз жыллық "Саржайлаў"

Отыз тоғыз жыллық "Саржайлаў"

0
Отыз тоғыз жыллық "Саржайлаў"

Ҳәрекетлер стратегиясының бесинши жөнелиси шеңберинде мәмлекетимиз ғәрезсизлигин, аймақлық татыўлықты қорғаўға байланыслы ис иләжларын  жүзеге шығарыў, Арал машқаласының ақыбетлерин жумсартыў, сондай-ақ  дүньяның бәрше мәмлекетлери, әсиресе  биринши нәўбетте қоңсылас мәмлекетлер менен өз-ара дослық қарым-қатнаслар ҳәм беккем бирге ислесиўди жолға қойыў киби тынышлық сүйер сиясатқа сүйенген ис иләжларды әмелге асырыў белгиленген.

Районымызда жасаўшы көп миллетли халықтың 40 процентке жақыны қазақ миллетиндеги ағайинлер болып, беккем татыў аўызбиршиликте жасап атырмыз. Олар қазақ мәдениятын, миллий салт дәстүрлерин сақлап, келешек әўладқа жеткерип келмекте. Соның бир мысалы "Саржайлаў" қосық ҳәм ойын ҳәўескер жәмәәти 1982-жылы ансамбль болып дүзилип, бүгинги күнге дейин республикамызға танымалы болып келди. Жақында  Халық жәмәәти болыўға еристи. Усы мүнәсибет пенен район хәкими Ж.Адилов "Саржайлаў"шыларға арнаўлы "Диплом"ды тапсырды.

Тахтакөпир районы ҳәкимияты Мәлимлеме хызмети