Siyosat Aймақтағы ушырасыў

Aймақтағы ушырасыў

0
Aймақтағы ушырасыў

"Хуқықбузарлық профилактикасы күни" илажлары шеңберинде "Айдынжол" мәкан пуқаралар жыйыны аймағы турғынлары менен хуқық қорғаў уйымы хызметкерлериниң ушырасыўы болып өтти.

Тахтакөпир районы судының баслығы Ж.Уразбаев, районлық әдиллик бөлими баслығы Н.Қалимбетов, район прокурорының орынбасары П.Бердимуратов ҳәм районлық ишки ислер бөлими баслығының орынбасары Р.Инаятовлар жыйналғанларға суд тараўындағы өзгерислер, келеси жылдан хуқық қорғаў уйымларында енгизилген жаңалықлар бойынша түсиниклер берди. Аймақ турғынлары өзлерин қызықтырып жүрген сораўларға жуўаплар алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети