Siyosat Байрам алды саўғалар берилди

Байрам алды саўғалар берилди

0
Байрам алды саўғалар берилди

Бүгин районымызда сапарда болған Өзбекстан Республикасының  Тәжикстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық елшиси Э.Шаисматов, АКБ Агробанк Басқарма баслығының биринши орынбасары Шухрат Расулов ҳәм район ҳәкими Жамбул Адиловлар "Темир дәптер"ге киргизилген шаңарақлардан хабар алды. Сондай-ақ, усы күни Өзбекстан Республикасы АКБ "Агробанк" тәрепинен Тахтакөпир районы аймағындағы “Темир дәптер”ге дизимге алынған ҳәм де социаллық қорғаўға мүтәж болған 100 шаңараққа 41 млн 142 мың сум муғдарында жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен тийкарғы түрдеги азық-аўқатлық өнимлери жеткерип берилди. 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети