Siyosat Аўыл халқының қуўанышына шерик болды

Аўыл халқының қуўанышына шерик болды

0
Аўыл халқының қуўанышына шерик болды

Арал бойы халқын раўажландырыў қоры есабынан "Жаңадәрья" аўыл пуқаралар жыйынындағы суў душшыландырыўшы үскенеси (ЭКОС) менен суў тармағына 1 млрд. 590 млн сум, "Маржанкөл" аўылына болса улыўма 6млрд 300 млн сумлық реконструкция жумыслары исленди.

Бүгин Бирлескен Миллетлер шөлкеми есабынан қурылыс жумыслары әмелге асырылған "Белтаў" АПЖ аймағының суў тармақларына 1 млрд 58 млн сумлық реконструкция жумыслары жуўмақланып, ЭКОС аўыл халқы ушын пайдаланыўға тапсырылды. Нәтийжеде "Белтаў" аўылында 165 хожалық таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди.
Жаңа қурылыс үскенесиниң иске түсиў салтанатында район ҳәкими Ж.Адилов, БМШдеги Өзбекстан елшиси Б.Ибрагимов, БМШ раўажландырыў бағдарламасы Өзбекстандағы ўәкили,  климаттың өзгериўине бийимлесиў бөлими баслығы Б.Палўаниязовлар шығып сөйледи. Ашылыўға Өзбекстан Республикасының Германия Федерациялық Республикасының Айрықша ҳәм толық елшиси Касимов Набижон Садикжонович қатнасты.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети