Ma'daniyat Конституция байрамына бағышланды

Конституция байрамына бағышланды

0
Конституция байрамына бағышланды

Мәмлекетимиз Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 28 жыллығын  мүнәсип белгилемекте. Конституция-инсан, оның өмири, еркинлиги, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да ҳуқықларын ең уллы қәдирият сыпатында тән алыўшы демократиялық мәмлекет қурыўдың ҳуқықый негизи болып табылады.

Өткен жылларға нәзер салар екенбиз, 28 жыл ишинде Конституция негизинде қаншадан қанша көлемли жумыслар әмелге асырылды. Бүгин райондағы мәденият орайында Конституция байрамына арналған салтанатлы жыйналыс болып өтти.
Жыйналыста район ҳәкими Ж.Адилов жыйналғанларды байрам менен қутлықлады. Район прокуроры П.Халмуратов  тийкарғы  нызамымыз болған Конституция ҳаққында айтып өтти. 
Районлық мәденият үйи тәрепинен  таярланған концерт бағдарламасы менен  байрам даўам етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети