Siyosat Жаслардың үйлерине барып түсиндирди

Жаслардың үйлерине барып түсиндирди

0
Жаслардың үйлерине барып түсиндирди

Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутаты, Адолат социал демократиялық партиясы районлық Кеңеси баслығы А.Қурбанбеков ҳәм 1-сектордың жуўаплы хаткери Р.Утепбергеновлар "Атакөл" аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жаслар "Темир дәптер"ине кирген жумыссыз жаслардан хабар алды. Жумыссыз жасларға мәмлекетимиз тәрепинен жаратып берилип атырған имканиятлар ҳәм шарўа маллары (нәсилли қой, ешкилер) берилетуғын жеңиллетилген кредитлер бойынша түсиниклер берди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети