Siyosat Қәўендерликтен қара маллар

Қәўендерликтен қара маллар

0
Қәўендерликтен қара маллар

Елимизде кем тәмийинленген шаңарақлар "Темир дәптер"лерге ендирилип, мәмлекетимиз тәрепинен ғамхорлыққа алынған. "Қоңыраткөл" аўыл пуқаралар жыйыны аўыр аўыллар қатарына киргизилген болып, халықтың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў, сол арқалы кәмбағаллықтан шығарыў мақсетинде аймақтың тийисли 2-секторы тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылып атыр. Жыйында 315 хожалық есапта турса, соннан 15 хожалық "Темир дәптер"ге киргизилген. Акционерлик коммерциялық Агробанк басқармасы тәрепинен қәўендерлик есабынан ҳәр бириниң қуны 9 млн.сумлық 15 бас қара мал "Қоңыраткөл" аўылында жасаўшы "Темир дәптер"деги хожалықлар ушын ажыратылды. Бүгин соннан қара маллардың 11 басы алып келинди ҳәм ийелерине табыс етилди.

 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети