Ma'daniyat МУЗЫКА ЖАН АЗЫҒЫ

МУЗЫКА ЖАН АЗЫҒЫ

0
МУЗЫКА ЖАН АЗЫҒЫ

Музыка мәденияты инсан өмири даўамында мәнили орынды ийелейди. Өйткени саз өнери адам жүрегинде сулыў сезимлерди оятып, оны алдыға талпыныўға ийтермелейди. Соның менен бирге музыка жағымлы даўыста еситилсе, яки айтылса қосықты еситип-ақ адамның ишики муңлары, кеширмелери алыслағандай болады.

Музыка ҳәр қандай аўырлықтан, түскинликтен соң дем алыўдың ең жақсы шарасы болып табылады. Музыканың күшин жылап атырған нәрестени «ҳәййиў» айтыў арқалы тынышландырып, уйқыға кетиўинен билсек болады.

Музыка мәдениятының түп тамыры әййемги дәўирлерден қәлиплескен.  Буған ҳәр бир халықтың өз мәденияты, үрп-әдети, салт-дәстүрлери, әсирлер даўамында киятырған балалар қосықлары, халық намалары мысал бола алады.

Музыка адамлардың руўхый байлығын қәлиплестириўинде оларды тәрбиялаўдағы дерлик ҳәр бир мәмлекетте усы өнерди жас әўладқа үйретиўде оқыў орынлары, мектеплер көлеминде дөгереклер ашылмақта.

Музыкантлардың әлўан түрли концерт заллары менен радио, телевидение бағдарламалары арқалы нама шертиў яки қосық айтыўлары ҳәзирги күнниң нәтийжели жумысларына айланбақта. Булардың бәри ҳәзирги дәўир мәдениятын қурайды.

Алмагүл ТӘҢИРБЕРГЕНОВА

8-санлы мектепке шекемги билимлендириў мекемесиниң музыка жетекшиси