НАРГИЗА БАСЛАҒАН "40 ҚЫЗ"
Тахтакөпир районындағы 1-санлы мектептиң жоқарғы класс қызлары тәрепинен мектеп басшылығының қоллап-қуўатлаўы менен "40 қыз" клубы өткен жылы дүзилген еди. Ҳәзирги күнде райондағы 3-5-8-санлы мектеп оқыўшылары менен клубтың қатары толысып атыр. "40 қыз"дың гөзлеген мақсети бәлент, онда қызлар тәрбиясынан баслап қол өнерлери, шеберлиги, китапқа қызығыўшылык, психологиялық сырлар, бәри-бәри бар.
Ҳәзирше клубтың жумыслары инстаграм тармағы арқалы жарытып барылып атыр. Ал, оларды қоллап-қуўатлаўшылар саны артып бармақта. Айырым мектеп питкериўшилери ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таяр екенин билдирмекте.
Жаслардың бос ўақыты, әсиресе қызлар үйинде болған карантин дәўиринде олардың пайдалы ислер менен шуғылланыўы ушын клубтың ашылыўы жүдә қол келди.
"40 қыз" қызлар клубын жас шайыра, 1-санлы мектептиң 10-класс оқыўшысы Наргиза Рамбергенова басқарып атыр.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети