Siyosat Мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилиги асыўына үлес қосады

Мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилиги асыўына үлес қосады

0
Мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилиги асыўына үлес қосады

Бүгинги күнде мәмлекет ҳәм жәмийет қурылысының тийкарларын беккемлеўге, базар экономикасын раўажландырыўға, суд-ҳуқық системасын еле де демократластырыўға, сондай-ақ, халықтың социаллық қорғалыўын күшейтириў ҳәм пуқаралардың пәраўанлығын жақсылаўға қаратылған көплеген ис-илажлар әмелге асырылып атырғанлығының гүўасы болмақтамыз.

Сыр емес, барлық тараўларды реформалаўға қаратылған бағдарламаларды әмелге асырыў нызам ҳүжжетлери санының және де артыўына алып келди. Ҳүжжетлердиң көплиги әмелиятта оларды түсиниўди қыйынластырып, ҳуқықый айырмашылық ҳәм коллизияларға ҳәдден тыс тәртипке салыў ҳәм бюрократияға себеп болмақта.

Усы машқаланы шешиў ушын халықаралық тәжрийбеде Швеция, Қазақстан, Хорватия, Сербия, Босния, Уллы Британия, Мексика, Вьетнам, Мысыр, Кения сыяқлы мәмлекетлердиң нызамшылығында “Тәртипке салыў гильотинасы” усылынан пайдаланылады.

“Тәртипке салыў гильотинасы” дегенимиз әмелдеги норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди анализлеў ҳәм қайта көрип шығыў арқалы оларды саралаў, тастыйықлаў, өзгертиў ямаса бийкар етиў болып есапланады.

Артықша бюрократиялық тәртип-қағыйдаларды сапластырыў, ең алды менен исбилерменлик искерлигине қарата тәртипке салыў жүгин кемейтириў,
норматив-ҳуқықый базаның системалылығын ҳәм комплекслилигин тәмийинлеў мақсетинде ҳәмде 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық, 2020-жыл 27-сентябрьде “Өз әҳмийетин жойытқан нызамшылық ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў системасын енгизиў арқалы мәмлекетте исбилерменлик орталығын жақсылаў ис-илажлары ҳаққында”ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.

Пәрман менен Президенттиң 500 ге жақын гөнерген ҳәм өз әҳмийетин жойытқан ҳүжжетлери бийкар етилди.

Сондай-ақ, Пәрманға муўапық:

Олий Мажлис палаталары, Президент, Ҳүкимет ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының индивидуал ҳәм шөлкемлестириў түриндеги ҳүжжетлерин норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерден парықлаў өлшемлерин белгилеў;

жаңа баспадағы нызам ҳүжжетин қабыл етиў орнына жаңа нызам ҳүжжетин қабыл етиў әмелиятын енгизиў;

Президент ҳәм Ҳүкимет рәсмий сәнелерди белгилеўде ислемейтуғын күнди белгилеў, дем алыс күнин көшириў ҳәмде илажларды өткериў ҳаққындағы ҳүжжетлерин жыл жуўмағы бойынша өз күшин жойытқан деп табыў әмелиятын енгизиў;

нызамшылық базасын хатлаўдан өткериў ҳәм оны системаластырыў бойынша ис-илажлар ислеп шығылыўы белгиленди.

Буннан тысқары, Пәрманға көре:

нызам ҳүжжетлери жойбарларын тәртипке салыўдың тәсирин баҳалаў жойбарды ислеп шыққан шөлкемлер тәрепинен regulation.gov.uz портали арқалы;

әмелдеги нызам ҳүжжетлериниң тәртипке салыў тәсирин баҳалаў ҳуқықый мониторинг бойынша электрон майданшадан пайдаланған ҳалда;

жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары қарарларының тәртипке салыў тәсирин баҳалаў “E-Qaror” бирден-бир электрон системадан пайдаланған ҳалда әмелге асырылады.

Төмендегилерди нәзерде тутыўшы тәртипке салыў тәсирин баҳалаў бойынша анализ материаллары нызам ҳүжжетлери жойбарларына қосымша етилиўи шәрт:

-  машқала анализи ҳәм шешиў жоллары;

-  бәсекиге тәсирдиң баҳасы;

- жаңа тәртипке салыў қураллары ҳәм оларды енгизиўдиң ақыбетлери прогнозы ҳәм баҳасы;

- пуқаралар ҳәм исбилерменлер ушын пайда ҳәм қәрежет анализи.

Атап өтиў лазым, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги нызам ҳүжжетлери ҳәм олардың жойбарларының тәртипке салыў тәсирин баҳалаў тараўындағы искерликти муўапықластырыўшы уйым есапланады, ҳәр жылы баҳалаў системасы жағдайы ҳаққындағы мағлыўматларды ғалаба хабар қуралларында жәриялаў арқалы Президент Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине усынады.

Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде Тәртипке салыў тәсирин баҳалаў басқармасы шөлкемлестирилди.

Мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларында тәртипке салыў тәсирин баҳалаў ушын жуўапкер хызметкер белгиленеди.

Соның менен бирге, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди додалаў порталында “ашық платформа” енгизиледи.

2021-жыл 1-июньға шекем жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының норматив-ҳуқықый ҳүжжетлери ҳәмде Олий Мажлис палаталарының қарарлары Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасына киргизиледи.

2021-жыл 1-февральға шекем  илимий-анализлик искерлик нәтийжесинде ислеп шығылған усынысларды ғалаба онлайн мәлимлеме системасында мәжбүрий сәўлелендириў механизми енгизиледи.

 Жуўмақ орнында айтып өтиў лазым, тәртипке салыў тәсирин баҳалаў бойынша халықаралық тәжрийбеде сынаўдан өткен, салыстырмалы жаңа, заманагөй усыл ҳәм механизмлерден пайдаланыў ҳуқық дөретиўшилиги процессиниң жетилисиўине, нызамшылық жүгиниң кемейиўине, оның халықшыл болыўына хызмет етиў менен бир қатарда мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилиги асыўына үлес қосады.

Р.Курбанов

Тахтакөпир районы әдиллик

бөлиминиң бас мәсләҳәтшиси