Ma'daniyat ТИЛ-МИЛЛЕТТИҢ КӨРКИ

ТИЛ-МИЛЛЕТТИҢ КӨРКИ

0
ТИЛ-МИЛЛЕТТИҢ КӨРКИ

Тил-ақылдың өлшеми. Демек, биз ақыл менен ойлап ойымызды тил арқалы жеткеремиз. Демек, инсан өмиринде тилдиң атқаратуғын орны жоқары. Ҳәр бир ўәкили теңи-тайы жоқ алтын ғәзийнемиз болған ана тилимизди ҳүрмет етиўимиз керек.  Миллеттиң қандай миллет екенин көрсететуғын тилимизди бурмаламай, сап, таза ҳалында сөйлеп, әўладтан-әўладқа жеткериўимиз тийис.

Мағлыўматларға қарағанда 6000нан зыят миллет ҳәм еллердиң жанлы тили бар. Қырыққа жақын тил ғана грамматикасына ийе екен.

Ҳәзирги раўажланыў дәўиринде өсип киятырған әўладты ўатансүйиўшилик, миллий қәдириятларға садықлық руўхында тәрбиялаў мақсетинде ана тилимизге болған итибар күшейип атыр.

Жақында мектебимизде 21-октябрь-Өзбек тили байрамы күни сыпатында көтериңкилик руўхта белгиленди. Онда оқыўшылар өзбек әдебиятының атақлы шайырларының шығармаларынан көркемлеп оқыды. Тилимиздиң әҳмийети ҳаққында уллы ойшыллардың даналық пенен айтылған ҳикметли пикирлеринен оқып, тил ҳаққындағы  нақыл-мақаллардан айтып  берди.

 

Сара ДӘРИЯБАЕВА

19-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң өзбек тили пәни муғаллими