21-октябрь-Өзбек тили байрамы күни
Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилген күн-21-октябрь сәнесиниң «Өзбек тили байрамы күни» деп жәрияланыўы мәмлекетимиздиң жаңа тарийхы, ғәрезсиз Ўатанымыздың социаллық-сиясий, ҳуқықый, мәдений, руўхый турмысындағы үлкен ўақыя болды. Бул күн мәмлекетимизде салтанатлы түрде белгиленди.
«Тил-миллеттиң бийбаҳа байлығы» сүрени астында тил байрамына арналып районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы 8-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде кеше шөлкемлестирилди.
Кешеде 21-октябрь Өзбек тили байрамы күни сыпатында айрықша түрде белгилениўи ҳаққында түсиниклер берилди..
Кеше тәрбияшылардың атқарыўындағы қосық-тақмақ ҳәм саз-сәўбетлер менен даўам етти.