Siyosat 2021-ЖЫЛДАН БАСЛАП СЫРТ ЕЛГЕ ШЫҒЫЎ...

2021-ЖЫЛДАН БАСЛАП СЫРТ ЕЛГЕ ШЫҒЫЎ...

0
2021-ЖЫЛДАН БАСЛАП СЫРТ ЕЛГЕ ШЫҒЫЎ...

Әмелдеги нызамшылыққа муўапық Өзбекстан Республикасы пуқаралары 2021-жылдан баслап сырт елге шығыў ушын биометрикалық паспортқа ийе болыўы шәрт .Өзбекстан Республикасы пуқаралары сырт елге шығыўы ушын биометрикалық паспортларын алыўда ҳүжжет тапсырыў ушын турақлы жасаў орнындағы ишки ислер бөлими  миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимлерине, ал сырт елде турақлы консуллик есапта турыўшы пуқараларымыз болса Өзбекстан Республикасының сырт елдеги елшиханалар консуллик бөлимлердеги мағлыўматларды жыйнаў пунктлерине мүрәжат етеди.

Сырт елге шығыў ушын биометрикалық паспорт алыўды қәлеўин билдирген 15 жастан өткен пуқараларымыз белгиленген тәртипте арза-анкета, биометрикалық паспорт ямаса 16 жасқа толмаған пуқаралардың туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалығы, егер бар болса алдын берилген сырт елге шығыў ушын ата-анасы ямаса қәўендерлик етиўши пуқараның нотариал тастыйықланған рухсаты, мәжбүрияты ҳәм базалық есаплаў муғдарының 80 процент муғдарында мәмлекетлик бажы төленгенлиги ҳаққындағы квитанциясы тапсырылады.

15 жастан 18 жасқа шекемги болған пуқаралар  ата-аналар, қәўендерлердиң жас өспирим шахс еркин түрде сырт елге шығыўға нотариал тәрепинен тастыйықланған разылығы болған жағдайда шетке гүзетиўшисиз шығыўы мүмкин.

Салават СУЛТАНОВ

Районлық ишки ислер бөлими миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлиминиң  аға қәнигеси, лейтенант