Siyosat БАЗАРЛАРДА БАҲАЛАР КӨТЕРИЛИЎИНЕ ЖОЛ ҚОЙЫЛМАЎЫ КЕРЕК

БАЗАРЛАРДА БАҲАЛАР КӨТЕРИЛИЎИНЕ ЖОЛ ҚОЙЫЛМАЎЫ КЕРЕК

0
БАЗАРЛАРДА БАҲАЛАР КӨТЕРИЛИЎИНЕ ЖОЛ ҚОЙЫЛМАЎЫ КЕРЕК

Усы жылы 23-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тоғызыншы сессиясында белгиленген әҳмийетли ўазыйпаларды орынлаў ҳәм ишки базарда баҳалардың турақлылығын сақлаў ис-илажларын тәмийинлеўде депутатлар ҳәм сенаторлар тәрепинен базарларда жәмәәтшилик қадағалаўын алып барыўды күшейтиў белгилеп алынды. Усы мақсетте Олий Мажлис Сенаты ағзасы Орал Атаниязова Тахтакөпир районындағы дийқан базарында болды.

Бүгинги күнде базарда ҳәм көшпели саўда орынларында мал гөши килограмы 45000-50000 сумнан, таўық гөши 18000-20000 сумнан, балық 18000-20000 сумнан, картошка 3000-4000 сумнан, пияз 1500-2000 сумнан, гешир 2500-3000 сумнан, гүриш 6000-7000 сумнан, шекер 6000-7500 сумнан, мәйектиң данасы 1000-1200 сумнан сатылып атырғаны анықланды.

Базарларда тийкарғы тутыныў өнимлери баҳаларының көтерилип кетиўине жол қоймаў бойынша усыныслар берилди.

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети