Siyosat ӘҲМИЙЕТЛИ МӘСЕЛЕЛЕР ҚАРАЛДЫ

ӘҲМИЙЕТЛИ МӘСЕЛЕЛЕР ҚАРАЛДЫ

0
ӘҲМИЙЕТЛИ МӘСЕЛЕЛЕР ҚАРАЛДЫ

Бүгин 23-октябрь күни Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң үлкен мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң он төртинши сессиясы болып өтти.

Сессия жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы О.Атаниязова, сектор басшылары, мекеме, кәрхана, шөлкем баслықлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм районлық Кеңестиң  депутатлары қатнасты.

Күн тәртибинде үш мәселе қойылған болып, онда: Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң басшылығында 2020-жыл 16-октябрь күнги азық-аўқат кәўипсизлигин тәмийинлеў, ишки базарда баҳалардың турақлылығын сақлаў  ис-илажлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалардың Тахтакөпир районында орынланыўы бойынша район ҳәкими Ж.Адиловтың есабаты тыңланды.

Буннан соң екинши мәселеде: Тахтакөпир районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары тәрепинен 2020-жылдың 9 айы даўамында алып барған жумыслары бойынша О.Генжемуратовтың,  үшинши мәселе бойынша Тахтакөпир районында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң 2020-2021-оқыў жылына таярлығы ҳаққында бөлим баслығы М.Алламбергенованың мәлимлемеси тыңланды.

Сессияда көрип шығылған мәселелер бойынша сектор басшылары, жуўапкер шөлкем, кәрхана басшыларының есабатлары тыңланды ҳәм депутатлардың сораўларына жуўаплар берилди.

Күн тәртибинде қаралған мәселелер тийкарында қарарлар қабыл етилди.

Район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети