Тахтакөпир районы «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында транспорт ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде жолларға тийисли жол белгилерин орнатыў ҳаққында
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 24-декабрьдеги 370-санлы қарары менен тастыйықланған «Жол ҳәрекети қағыйдалары» («Ўзбекистон Республикаси қонун ҳужжатлари тўплами» 2016 йил 3-сон, 23-модда) ның VII бөлимине, Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 19-майдағы “Өзбекстан Республикасы жол қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 377-санлы қарарына ҳәм Өзбекстан Республикасының «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳаққында”ғы Нызамының 7-статьясына тийкарланып, Өзбекстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 6-статьясына муўапық
Ш Е Ш И М Е Т Е М Е Н:
- Тахтакөпир районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасының 2020-жыл 8-сентябрь күнги 212-санлы ҳәм Тахтакөпир районы ишки ислер бөлиминиң 2020-жыл 4-сентябрь күнги 11/1876-санлы хатлары итибарға алынсын.
- «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан өтиўши 4КЗа «Тахтакөпир Белтаў карьери» автомобиль жолының 0-километрине тәсир аралығы 0,3-километрине шекем (3.27) тоқтаў қадаған жол белгисин,0,3-километрине қарама-қарсы тәрепинен тәсир аралығы 0-километрине шекем (3.27) тоқтаў қадаған жол белгисин, 0,9-километрине (3.4) жүк автомобиллериниң ҳәрекетлениўи қадаған жол белгисин, 4Н112 «Тахтакөпир-ДФХ Мүлик» автомобиль жолының Айдын жол аймағынан өтиўши 0-километрине тәсир аралығы 0,3-километрине шекем (3.27) тоқтаў қадаған жол белгисин, 0,3-километрине қарама-қарсы тәрепинен тәсир аралығы 0-километрине шекем (3.27) тоқтаў қадаған жол белгисин орнатыўға рухсат етилсин.
- Усы шешимди район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайтында ҳәм “Тахтакөпир таңы” газетасында рәсмий жәриялаў район ҳәкимлигиниң баспа сөз хызметиниң баслығы Г.Давлетмуратоваға тапсырылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Д.Жумабаевқа тапсырылсын.
- Бул шешим рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Тахтакөпир районы ҳәкими: Ж.Адилов
№813 12-октябрь2020-жыл.