Тахтакөпир районы “Ғәрезсизлик” МПЖ аймағында транспорт ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде жолларға тийисли жол белгилерин орнатыў ҳаққында
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 24-декабрьдеги 370-санлы қарары менен тастыйықланған «Жол ҳәрекети қағыйдалары» («Ўзбекистон Республикаси қонун ҳужжатлари тўплами» 2016-йил 3-сон, 23-модда) ның VII бөлимине, Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 19-майдағы “Өзбекстан Республикасы жол қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 377-санлы қарарына ҳәм Өзбекстан Республикасының «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳаққында”ғы Нызамының 7-статьясына тийкарланып, Өзбекстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 6-статьясына муўапық
Ш Е Ш И М Е Т Е М Е Н:
- Тахтакөпир районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасының 2020-жыл 8-сентябрь күнги 212-санлы ҳәм Тахтакөпир районы ишки ислер бөлиминиң 2020-жыл 4-сентябрь күнги 11/1876-санлы хатлары итибарға алынсын.
- “Ғәрезсизлик” МПЖ аймағынан өтиўши 4Н112 “Тахтакөпир-ДФХ Мүлик” автомобиль жолының 112,5-километрине тәсир аралығы 113,1-километрине шекем (3.27) тоқтаў қадаған жол белгисин, жолдың қарама-қарсы тәрепи 113-километрине тәсир аралығы 112,6-километрине шекем (3.27) тоқтаў қадаған жол белгисин орнатыўға рухсат етилсин.
- Усы шешимди район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайтында ҳәм “Тахтакөпир таңы” газетасында рәсмий жәриялаў район ҳәкимлигиниң баспа сөз хызметиниң баслығы Г.Давлетмуратоваға тапсырылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Д.Жумабаевқа тапсырылсын.
- Бул шешим рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Тахтакөпир районы ҳәкими: Ж.Адилов
№812 12-октябрь2020-жыл.