Siyosat Тахтакөпир районы “Тахтакөпир” ППЖ аймағында транспорт ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде жолларға тийисли жол белгилерин орнатыў ҳаққында

Тахтакөпир районы “Тахтакөпир” ППЖ аймағында транспорт ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде жолларға тийисли жол белгилерин орнатыў ҳаққында

0
Тахтакөпир районы “Тахтакөпир” ППЖ аймағында транспорт ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде жолларға тийисли жол белгилерин орнатыў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 24-декабрьдеги 370-санлы қарары менен тастыйықланған «Жол ҳәрекети қағыйдалары» («Ўзбекистон Республикаси қонун ҳужжатлари тўплами» 2016 йил 3-сон, 23-модда) ның VII бөлимине, Министрлер Кабинетиниң2019-жыл 19-майдағы “Өзбекстан Республикасы жол қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 377-санлы қарарына тийкарланып, Өзбекстан Республикасының «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳаққында”ғы Нызамының 7-статьясына тийкарланып, Өзбекстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 6-статьясына муўапық

                            Ш Е Ш И М    Е Т Е М Е Н:

  1. Тахтакөпир районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасының 2020-жыл 8-сентябрь күнги 112-санлы ҳәм Тахтакөпир районы ишки ислер бөлиминиң 2020-жыл 4-сентябрь күнги 11/1876-санлы хатлары итибарға алынсын.
  2. “Тахтакөпир” ППЖ аймағынан өтиўши 4Н112 “Тахтакөпир-ДФХ Мүлик” автомобиль жолының 114-километрине тәсир аралығы 150 метрге шекем (3.27) тоқтаў қадаған жол белгисин орнатыўға рухсат етилсин.
  3. Усы шешимди район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайтында ҳәм “Тахтакөпир таңы” газетасында рәсмий жәриялаў район ҳәкимлигиниң баспа сөз хызметиниң баслығы Г.Давлетмуратоваға тапсырылсын.
  4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Д.Жумабаевқа тапсырылсын.
  5. Бул шешим рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

 

Тахтакөпир районы ҳәкими:                         Ж.Адилов

№ 811                                              12-октябрь 2020-жыл.