Siyosat ҮСКЕНЕЛЕРДИ САЛЫСТЫРЫЎДАН ӨТКЕРИЎ ТӘРТИБИ ӨЗГЕРДИ

ҮСКЕНЕЛЕРДИ САЛЫСТЫРЫЎДАН ӨТКЕРИЎ ТӘРТИБИ ӨЗГЕРДИ

0
ҮСКЕНЕЛЕРДИ САЛЫСТЫРЫЎДАН ӨТКЕРИЎ ТӘРТИБИ ӨЗГЕРДИ

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 20-август күни «Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың электр энергиясы, тәбийий газ, ишимлик суў ҳәм ыссы суўды есапқа алыў үскенелерин (есаплағышларды) шешип алыў, салыстырыўдан (гос.стандарт) өткериў ҳәм орнатыў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳақкында»ғы 698-санлы қарары қабыл етилди.

Қарар менен электр энергиясы, тәбийий газ, ишимлик ҳәм ыссы суўды есапқа алыў үскенелерин салыстырыўдан (гос.стандарт) өткериў бойынша ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

Регламентке муўапық, 2019-жыл 1-ноябрьден баслап есапқа алыў үскенелерин салыстырыўдан (гос.стандарт) өткериў бойынша мәмлекетлик хызметлер тек ғана Мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы әмелге асырылады.

Буның ушын физикалық ҳәм юридикалық шахслар Мәмлекетлик хызметлер орайына мүрәжат етиўлери яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында дизимнен өтиўлери керек.

Турмыслық мүтәжликлер ушын электр энергиясынан пайдаланыўшы физикалық шахслар есаплағышларын салыстырыўдан өткериў ушын тәмийнатшы кәрханалардың өзлери буйыртпа береди.

Есаплағышты салыстырыўдан өткериў хызметин көрсеткенлиги ушын физикалық шахслардан базалық есаплаў муғдарының 20%, юридикалық шахслардан-базалық есаплаў муғдарының 1,5 есеси муғдарында бажы пулы өндириледи.

Есаплағышты салыстырыўдан (гос.стандарт) өткериў менен байланыслы болмаған ҳалларда шешип алыў ҳәм орнатыў ушын жыйым өндирилмейди.

Сондай-ақ, есапқа алыў үскенелерин салыстырыў (гос.стандарт) мүддети юридикалық шахслар ушын 2 жылдан-4 жылға шекем, физикалық шахслар ушын
4 жылдан-8 жылға шекем узайттырылды. Еслетип өтемиз, энергоресурслар қадағалаўы ҳәм есабының автоматластырылған системасын енгизиў шеңберинде орнатылған заманагөй электр энергиясы ҳәм газ есаплағышлары ушын салыстырыў аралық интервал 10 жылды қурайды.

 

М.Алламбергенов

Тахтакөпир районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы