Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 3-октябрь күнги 263-caнлы қарарынын орынланыўы бойынша
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 2-ceнтябрь күнги ПП-6059-caнлы Пәрманы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 2-ceнтябрь күнги ПҚ-4817-caнлы қарары, coндай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Жep кодекси»ниң 5-20-cтатьяларына ҳәм «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 6-статьясына муўапық,
Ш E Ш И M E T E M E H:
1.Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 2-ceнтябрь күнги «Өзбекстан Республикасында пиллешилик ҳәм қаракөлшиликти және де раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында »ғы ПП-6059-caнлы Пәрманы xәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 3-октябрь күнги 263-caнлы қарарында белгиленген тапсырмалар орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
2. Өзбекстан Республикасы Пиллешилик ҳәм қаракөлшиликти раўажландырыў комитетине жәми 1270000 гектар, соннан 1270000 гектар жайлаў жерлер Қоңыраткөл массиви шөл зонасынан улыўма майданы 172248 гектар соннан, 172248 гектар жайлаў жер майданлары, Мүлик массивинен 141165 гектар, Жаңадәрья массивинен 150336 гектар, Дәўқара массивинен 2050,9 гектар, Маржанкөл 2539 гектар, Өзбекстан 1048,5 гектар, район ҳәкимлиги жер фондынан 800413 гектар ҳәм аўыл хожалығында пайданылмайтуғын басқа жерлер деп белгилеп ажыратып берилсин.
3. Тахтакөпир районы жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлими баслығы М.Есимбетовқа усы шешимнен келип шығып, район жер есабатына белгиленген тәртипте өзгерислер киргизиў тапсырылсын.
4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары А.Султановқа тапсырылсын.
5.Усы шешимди көрип шығыў ҳәм тастыйықлаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинен соралсын.
Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.АДИЛОВ
№ 803 5-октябрь 2020-жыл