ШАҢАРАҚЛЫҚ ИСБИЛЕРМЕН БОЛЫЎДЫ ҚӘЛЕЎШИЛЕР.
Исбилерменлер арасында шаңарақлық исбилерменлик субъекти сыпатында мәмлекетлик дизимнен өтип, өзи жасап турған үй-жайда хызмет көрсетип атырғанлар да бар.
Бирақ исбилерменлик тараўына жақында ғана кирип келген яки өз бизнесин баслаў нийетинде жүрген пуқаралар өзлери жасап турған
үй-жайларда исбилерменлик хызметин алып барыўы мүмкин екенлигинен хабары барма?
Өзбекстан Республикасы «Шаңарақлық исбилерменлик ҳаққында»ғы нызамға муўапық, шаңарақлық исбилерменлик шаңарақ ағзалары тәрепинен тәўекел етип ҳәм өз мүлки жуўапкершилиги астында дәрамат (пайда) алыў мақсетинде әмелге асырылатуғын шөлкемлестириўшилик хызмети болып, өз қатнасыўшыларының ыхтыярыйлығына тийкарланады.
Шаңарақлық исбилерменлик юридикалық шахс шөлкемлестирген яки шөлкемлестирмеген ҳалда әмелге асырылыўы мүмкин.
Юридикалық шахс шөлкемлестирген ҳалда әмелге асырылатуғын шаңарақлық исбилерменликтиң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формасы шаңарақлық кәрхана болады.
Шаңарақлық кәрхананың басқа исбилерменлик хызмети түрлерине қарағанда жеңиллик тәрепи сонда, шаңарақлық кәрхана шанарақта жасап турған турақ жайда хызмет көрсетиўи ҳәм өзи ислеп шығарған өнимин сол жердиң өзинде сатыўы мүмкин.
Соның менен бирге исбилерменлик хызмети өз үйи аймағында әмелге асырылып атырған болса оны турақ емес жай формасына өткериўи шәрт емес. Коммунал төлемлер болса, физикалық шахс ушын белгиленген тәртиплер тийкарында әмелге асырылады.
Соны да мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, шаңарақлық кәрхана хызметиниң айырым түрлери тек арнаўлы рухсатнама (лицензия) бар болғанда әмелге асырылыўы мүмкин.
Шаңарақлық кәрхана тәрепинен санаат түсиндеги хызметти көп квартиралы үйдиң турақ жайларында әмелге асырыўға жол қойылмайды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2012-жыл
13-сентябрдеги 269-санлы қарары менен Шаңарақлық кәрхана тәрепинен пайдаланыўға жол қойылмайтуғын өнимлер, материаллар ҳәм әспаб-үскенелер дизими тастыйықланған ҳәм бул система 2012-жыл 1-ноябрьден баслап әмелге киргизилген.
Сизде үй-шараятында исбилерменлик етиў нийети болса, шаңарақлық кәрхана сыпатында мәмлекетлик дизимнен өтиў ушын қәлеген орындағы Мәмлекетлик хызметлер орайларына мүрәжат етиўиңиз мүмкин.
Ҳәзирги ўақытта коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы күшейттирилген тәртип енгизилиўи мүнәсибети менен Мәмлекетлик хызметлер орайына бармастан турып, сиз исбилермен болыў ушын қәлеген ўақытта интернет тармағы арқалы онлайн тәризде fo.birdarcha.uz сайтында дизимнен өтиўиңиз мүмкин.
Сиз узағы менен 20-30 минутта исбилерменге айланасыз.
П.Реймқулов
Тахтакөпир районы Мәмлекетлик хызметлер орайы директоры