Siyosat КАДАСТР ПАСПОРТЫН ТАЯРЛАЎ МҮДДЕТЛЕРИ ҚЫСҚАРТЫЛМАҚТА

КАДАСТР ПАСПОРТЫН ТАЯРЛАЎ МҮДДЕТЛЕРИ ҚЫСҚАРТЫЛМАҚТА

0
КАДАСТР ПАСПОРТЫН ТАЯРЛАЎ МҮДДЕТЛЕРИ ҚЫСҚАРТЫЛМАҚТА

Ɵзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 2-сентябрь күни «Кадастр тараўында айырым мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында»ғы 535-санлы қарары қабыл етилди.

Қарар менен көшпес мүлк объектине кадастр паспортын бериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

Оған муўапық, көшпес мүлк объектин кадастр есабына алыў ҳәм кадастр жыйма топламын қәлиплестириў нәтийжесинде көшпес мүлк объекти бойынша электрон формада кадастр паспорты рәсмийлестириледи.

Арза бериўши кадастр паспортын алыў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайына өзи келип мүрәжат етеди ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында дизимнен өткен ҳалда ғәрезсиз түрде арза жибереди.

Кадастр паспортын таярлаў:

көшпес мүлк объектлериниң турақ жайға байланыслы бөлеги бойынша төмендеги мүддетлерде әмелге асырылады:

көп квартиралы үйдеги квартира – 3 жумыс күнине шекем;

жеке тәртиптеги турақ жай – 5 жумыс күнине шекем;  (алдын бул мүддет 7, 10 күн тийисли еди).

Көшпес мүлк объектлериниң турақ емес жайға байланыслы бөлеги бойынша:

улыўма майданы 100 кв.м ге шекем –5 жумыс күнине шекем;

улыўма майданы 100 кв.м ден 1000 кв.м ге шекем – 7 жумыс күнине шекем;

улыўма майданы 1000 кв.м ден 5000 кв.м ге шекем – 10 жумыс күнине шекем;

улыўма майданы 5000 кв.м ден 15000 кв.м ге шекем – 15 жумыс күнине шекем;

улыўма майданы 15000 кв.м ден 50000 кв.м ге шекем – 20 жумыс күнине шекем;

улыўма майданы 50000 кв.м ден артық – 25 жумыс күнине шекем.

 (алдын бул мүддет тийислиги бойынша 10 күннен 45 күнине шекем болған).

Кадастр жыйма топламы қәлиплестирилгеннен соң кадастр паспортын бериў ушын төлем муғдары баҳасы көрсетилген хабарнама (инвойс) Мәмлекетлик хызметлер орайына ямаса арза бериўшиге электрон формада жибериледи.

Арза бериўши хабарнаманы алғаннан соң 1 ай даўамында белгиленген төлемди төлейди.

Төмендеги жағдайларда кадастр паспортын рәсмийлестириў пулсыз әмелге асырылады:

көшпес мүлк объекти бойынша бирлемши кадастр жыйма топламы (паспорты) бар болып, объектте өзгерислер (реконструкция, қосымша ҳәм айырықша қурылыс) болмаса;

көшпес мүлк объектиниң бир бөлеги өзлестирилгенде объекттиң қалған бөлегине ямаса реконструкциясыз тайпасы өзгергенде;

кадастр жыйма топламы (паспорты) жойтылғанда (жарамсыз ҳалға келгенде).

Бундай жағдайларда кадастр паспорты 3 жумыс күни даўамында рәсмийлестириледи.

 

Тимур ЖУСИПОВ

Районлық Мәмлекетлик хызметлер орайы бас қәнигеси