Қapaқaлпaқстaн Pecпy6ликасы Mинистрлер Kеңесиниң 2020-жыл 15-ceнтябрь күнги 255-caнлы қapapын opынлаў ҳaққында.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2020-жыл 2-сентябрь күнги 70-санлы баянламасы ҳәм Өзбекстан Республикасы «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 6-статьясына муўапық,
ШЕШИМ ЕТЕМЕН:
1. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2020-жыл 2-сентябрь күнги «Тоғай хожалығын раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм алдағы ўақытларда ислениўи тийис болған ўазыйпалар ҳаққында»ғы 70-санлы баянламасы ҳәм Қapaқaлпaқстaн Pecпy6ликасы Mинистрлер Kеңесиниң 2020-жыл.15-ceнтябрь күнги 255-caнлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
2. Тахтакөпир тоғай хожалығы бөлими баслығы Б.Турдыбаев, аўыл хожалығы бөлими баслығы Қ.Баймуратов ҳәм жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлими баслығы М.Есимбетовлар менен биргеликте бир мүддетте 2020-жылда қосымша жаңадан пайда етилетуғын тоғайзарлық жер майданлары бойынша анық есап-китапларын ислеп шығып, район ҳәкимлигине усыныс киргизиў ҳәм тастыйықланған усыныс тийкарында усы жылдың ақырына шекем жаңа тоғайзарлықларды пайда етилиўин тәмийинлеў тапсырылсын.
еки ай мүддетте 2021-жылда пайда етилетуғын тоғайзарлықтың жер майданларын анықлаў тапсырылсын;
үш ай мүддетте исбилерменлер дизимин шөлкемлестирип, 2021-жылда ижараға берилетуғын тоғай фонды жерлерин анықлап, есап-китабын ислеп шығып, район ҳәкимлигине усыныс етсин;
усы жылдың 1-ноябрь күнине шекем ҳәм 2021-жылда жаңадан өзлестирилетуғын жер майданларына палыз ҳәм азықлық-жем егинлерин егиў ушын анық есап-китапларын ислеп шығып, район ҳәкимлигине усыныс киргизсин ҳәм тоғай фонды жерлерин пайдаланыўға киргизиў илажларын көриў тапсырылсын;
мебель ҳәм қурылыс санааты ушын керек болған тез өсиўши терек нәллерин жетилистириўдиң анық есап-китапларын ислеп шығып, район ҳәкимлигине усыныс киргизсин ҳәм усы жылдың ақырына шекем толық егилиўи тәмийинленсин;
усы жылда ҳәм 2021-жылда дәрилик өсимликлер плантацияларын шөлкемлестириў ҳәм тут нәллерин егиў жумыслары бойынша анық есап-китапларын ислеп шығып, район ҳәкимлигине усыныс киргизсин ҳәм фермер хожалықлары жер майданларына тут нәллерин егиў жумысларын шөлкемлестириў тапсырылсын.
3. Тахтакөпир тоғай хожалығы бөлими баслығы Б.Турдыбаев еки ай мүддетте тоғай фонды жерлеринде пал ҳәррешилик, шарўашылық ҳәм қусшылықты раўажландырыў бойынша жуўапкер етип белгиленсин ҳәм усы тараўға тийисли жеке исбилерменлерди қамтып алған ҳалда жойбарлар дислокациясын ислеп шықсын ҳәм орынланыў илажларын тәмийинлеў тапсырылсын.
4. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими баслығы Д.Урпетов, районлықи коммерциялық банк филиаллары басқарыўшылары А.Турдықулов ҳәм А.Тугелов пенен биргеликте үш ай мүддетте ислеп шығылған дислокацияға тийкарланып тоғай фонды жерлеринде қарамалшылық, қусшылық ҳәм пал ҳәррешиликти раўажландырыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў тапсырылсын.
5. Тахтакөпир тоғай хожалығы бөлими баслығы Б.Турдыбаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясының райондағы хабаршысы менен биргеликте тоғай хожалығын ҳәм тоғай фонды аймақларында экотурзимди раўажландырыў бойынша ғалаба хабар қуралларында көрсетиў ҳәм еситтириўлерди таярлаў ҳәм усы тараўда әмелге асырылып атырған жумысларды кең жәмийетшиликке жеткериў илажларын көриў тапсырылсын.
6. Тахтакөпир тоғай хожалығы бөлими баслығы Б.Турдыбаевқа бир ҳәпте мүддетте усы қарарда белгилеп берилген тапсырмалардан келип шығып, тоғай фонды жерлеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша кейинги 5 жылда тоғай хожалығы өнимлерин экспортқа шығарыў бойынша анық есап-китаплар ислеп шықсын ҳәм буған жеке исбилерменлерди тартқан ҳалда жойбарлардың әмелге асырылыўы ҳәм исленген жумыслар бойынша ҳәр айдың жуўмағында район ҳәкимлигине мағлыўмат берип барыў тапсырылсын.
7. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң экология ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Т.Тоқымбетовқа тапсырылсын.
Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов
22-сентябрь 2020-жыл. № 790