Siyosat Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 10-сентябрь күнги 248-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 10-сентябрь күнги 248-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳаққында

0
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл  10-сентябрь күнги 248-санлы  қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 28-январьдағы 63-санлы қарары менен тастыйықланған Нызамының 27-бәнти ҳәм Өзбекстан Республикасы «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 6-статьясына муўапық,

ШЕШИМ ЕТЕМЕН:

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 10-сентябрь күнги ««E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында жеке тәртиптеги үй-жай қурылыс ушын жер майданларына мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықын (0,01 га майданға) сатыўдың 2020-жыл III шереги ушын басланғыш баҳасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 248-санлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жоқарыда көрсетилген қарары менен:

а) Қарақалпақстан Республикасы ҳәр бир район ҳәм қала бойынша жер майданларының жайласқан аймағынан келип шығып, «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында аукционға шығарылатуғын жеке тәртиптеги үй-жай қурылысы ушын жер майданларына мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықын (0,01 га майданға) сатыўдың 2020-жыл III шереги ушын басланғыш баҳасы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Район ҳәкиминиң орынбасары Д.Жумабаевқа жеке тәртиптеги үй-жай қурылысы ушын жер майданларына мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықын сатыўдың басланғыш баҳасын есаплаўда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 10-сентябрь күнги 248-санлы қарарының қосымшасында көрсетилген баҳалар тийкарында әмелге асырыў ўазыйпасы тапсырылсын.
  2. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң баспа-сөз хызмети баслығы Г.Давлетмуратоваға усы шешимди «Тахтакөпир таңы» газетасы ҳәм Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң веб сайты арқалы кеңнен жариялансын.
  3. Усы шешим жәрияланған күннен баслап өз күшине кириўи белгилеп қойылсын.
  4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Д.Жумабаевқа тапсырылсын.

 

Тахтакөпир районы ҳәкими:                                  Ж.Адилов 

 № 768                                                   13-сентябрь 2020-жыл

 

Қосымша