Siyosat 2021-жылда социаллық қорғаўға мүтәж, жумыс табыўда қыйналатуғын ҳәм мийнет базарында тең шәртлерде бәсекилесе алмайтуғын шахсларды жумысқа жайластырыў ушын жумыс орынларының ең кем санын белгилеў ҳаққында

2021-жылда социаллық қорғаўға мүтәж, жумыс табыўда қыйналатуғын ҳәм мийнет базарында тең шәртлерде бәсекилесе алмайтуғын шахсларды жумысқа жайластырыў ушын жумыс орынларының ең кем санын белгилеў ҳаққында

0
2021-жылда социаллық қорғаўға мүтәж, жумыс табыўда қыйналатуғын ҳәм мийнет базарында тең шәртлерде бәсекилесе алмайтуғын шахсларды жумысқа жайластырыў ушын жумыс орынларының ең кем санын белгилеў ҳаққында

Өзбекстан Республикасының “Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында”ғы Нызамның 17-статьясы (Өзбекстан Республикасы Нызам ҳүжжетлери топламы, 2006-жыл, 25-26-саны, 225-статья; 2009-жыл, 52-саны, 553-статья; 2013-жыл, 41-саны, 543-статья; 2014-жыл, 4-саны, 45-статья), “Майыпларды социаллық қорғаў ҳаққында”ғы Нызамның 25-статьясы, (Өзбекстан Республикасы Нызам ҳүжжетлери топламы, 2008-жыл, 29-30-саны, 277-статья; 2010-жыл, 35-36-саны, 300-статья; 2013-жыл,18-саны, 233-статья; 41-саны 543-статья) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 5-декабрьдеги “Социаллық қорғаўға мүтәж, жумыс табыўда қыйналатуғын ҳәм мийнет базарында тең шәртлерде бәсекилесе алмайтуғын шахсларды жумысқа жайластырыў ушын жумыс орынларының ең кем санын белгилеў ҳәм бәнт етип қойыў тәртибин еледе жетилистириў ис-илажлары ҳаққындағы”ғы 965-санлы қарарына ҳәм Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң «Өзбекстан Республикасы Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик фонды қәрежетлери есабынан субсидия ҳәм грантлар ажыратыў тәртиби ҳаққынддағы нызамын тастыйықлаў ҳаққында»ғы (АВдизими 3163-санлы 31.05.2019-жылғы) буйрығы ҳәм "Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында"ғы Нызамының 6-статьясына муўапық ,

ШЕШИМ ЕТЕМЕН: 

  1. 2021-жылда социаллық қорғаўға мүтәж, жумыс табыўда қыйналатуғын ҳәм мийнет базарында тең шәртлерде бәсекилесе алмайтуғын шахсларды жумысқа жайластырыў ушын райондағы кәрханалар, шөлкемлер ҳәм мәкемелер ушын исшилердиң дизим бойынша орташа санынан 62 адамды қурайтуғын
    2,8 пайыз муғдарында, сол есаптан:

а) майыплар ушын 4,8 пайыз -3 адам;

б) 14 жасқа толмаған балалары ҳәм майып балалары бар жалғыз ҳәм де көп балалы ата-аналар ушын 24,2 пайыз - 15 адам;

в) улыўма орта ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемелерин тамамлаған жаслар, сондай-ақ, жоқары оқыў орынларының мәмлекетлик грантлары бойынша питкериўшилери 51,6 пайыз - 32 адам;

г) мобилизациялық шақырыў резервинде хызметти өтеген ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметтен босатылған шахслар  6,4 пайыз - 4 адам;

д) пенсия жасына жақынласып қалған шахслар ушын 3,2 пайыз -
2 адам;

е) жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етилген,  жазаны өтеп атырған яки суд қарарына көре медициналық характердеги мәжбүрий шаралар қолланылған шахслар ушын 4,8 пайыз - 3 адам;

ж) адам саўдасынан жәбирленген шахслар ушын 4,8 пайыз - 3 адам муғдарында жумыс орынлары белгиленсин.

  1. Социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм жумыс табыўда қыйналып атырған шахсларды жумысқа орналастырыў ушын жумыс орынларын 2020-жыл ушын бәнт етип қойыў лазым болған кәрханалар дизими 1-қосымшаға, социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм жумыс табыўда қыйналып атырған шахсларды жумысқа орналастырыў ушын жумыс орынларын 2021-жыл ушын бәнт етип қойыў бойынша дүзилген арнаўлы комиссия қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Мәкеме, кәрханалар басшылары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары менен тастыйықланған социаллық қорғаўға мүтәж, жумыс табыўда қыйналатуғын ҳәм мийнет базарында тең шәртлерде бәсекилесе алмайтуғын шахсларды жумысқа жайластырыў ушын жумыс орынларының ең кем санын белгилеў ҳәм бәнт етип қойыў тәртиби ҳаққындағы Режеге муўапық усы шешимниң 1-қосымшасында көрсетилген жумыс орынларының шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
  3. Мүтәжлер ушын жумыс орынларының ең кем санын белгилеў бойынша район ҳәкиминиң усы шешими орынланбағанда, сондай-ақ, оларды жумысқа қабыл қылыўдан тийкарсыз рәўиште бас тартылғанлығы ушын мәкемелердиң лаўазымлы шахсларына нызам ҳүжжетларинде белгиленген тәртипте ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленеди.
  1. Районлық Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы (А.Баймбетов) усы шешимди тийисли кәрхана ҳәм шөлкем басшыларына жеткерсин ҳәм де оның орынланыўы үстинен қатаң қадағалаўды тәмийинлесин.
  2. Тахтакөпир районы ҳәкиминиң 2019-жыл 10-сентябрь күнги “Социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм жумыс табыўда қыйналып атырған шахсларды жумысқа жайластырыў ушын жумыс орынларын 2020-жыл ушын бәнт етип қойыў ҳаққында»ғы 1917-санлы шешими (“Тахтакөпир таңы” газетасы 2019-жыл, 30-сентябрь, 18-сан) 2020-жыл 31-декабрьден өз күшин жойтқан деп есаплансын.
  3.  Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң биринши орынбасары Д.Жанабаевқа тапсырылсын.
  4. Бул шешим районлық «Тахтакөпир таңы» газетасында рәсмий түрде жәриялансын ҳәм ҳәкимликтиң веб-сайтында жайластырылсын.
  5. Шешим рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

               Тахтакөпир районы ҳәкими                   Ж.Адилов

   
№779                                                  15-сентябрь     2020-жыл

 

1 КОСЫМША _Страница_1

1 КОСЫМША _Страница_2

2 КОСЫМША