Siyosat СУД-ҲУҚЫҚ РЕФОРМАЛАРЫ ЖАҢА БАСҚЫШТА

СУД-ҲУҚЫҚ РЕФОРМАЛАРЫ ЖАҢА БАСҚЫШТА

0
СУД-ҲУҚЫҚ РЕФОРМАЛАРЫ ЖАҢА БАСҚЫШТА

Ғәрезсизлик жылларында мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеўге, пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылды. Пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерин исенимли қорғаў мәмлекетимиз сиясатындағы ең баслы ўазыйпалардан бири саналады.

Бүгинги күнде “Нызам ҳәм әдалат үстинлигин тәмийинлеў–бәрше ийгиликли мақсетлеримизге ерисиўдиң ең әҳмийетли шәрти”.

Бул барыста мәмлекетлик ҳәкимиятының ғәрезсиз тармағы болған суд системасының орны ҳәм әҳмийети оғада үлкен.

Усы салада өткен жыллар даўамында кең көлемли реформалар әмелге асырылып, бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-февралдағы ПФ-4947-санлы Пәрманы менен тастыйықланған 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының баслы бағдарларының бири сыпатында Нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын еледе реформалаў мәселеси айрықша белгилеп алынған еди.

Бул салада кейинги үш жыл ишинде кең көлемли әмелий жумыслар әмелге асырылып, унамлы нәтийжелерге ерисилди.

Усындай тарихий-сиясий әҳмийетке ийе болған нәўбеттеги ҳуқықый хүжжет, яғный Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 10-августтағы “Суд-тергеў искерлигинде шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў кепилликлерин еледе күшейттириў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПФ-6041-санлы Пәрманы қабыл етилди.

Усы Пәрманда суд-тергеў искерлигин еледе жетилистириўдиң тийкарғы баслы бағдарлары етип төмендегилер белгиленди:

шахстың ҳуқықлары менен  еркинликлерине сөзсиз әмел етилиўин тәмийинлеў, процессуал  ҳәрекетлердиң сапасын арттырыў, жынаят процессинде дәлиллерди  топлаў ҳәм беккемлеў, оларға баҳа бериў системасын алдынғы сырт ел тәжирийбесинде кең қолланылатуғын дәлиллеў стандартларын инабатқа алған ҳалда қайта көрип шығыў;

ҳуқық қорғаў уйымларының жынаятларды ашыў бағдарындағы жумысын жаңа басқышқа алып шығыў, жүз берилген ҳәр бир жынаят ушын жуўапкершиликтиң сөзсиз екенлигин және шахс, жәмийет ҳәм мәмлекетке жеткерилген зыян толық қапланыўын тәмийинлеў;

шахсты қыйнаў ҳәм басқа да аяўсыз, адамгершиликке жат ямаса ар-намысын кемситетуғын қатнас жасаў ҳәм жаза түрлерин қолланыўға байланыслы қылмыслар жүз берилиўиниң алдын алыў бойынша нәтийжели механизмлерди енгизиў, сондай-ақ, ондай қылмыслар ушын жуўапкершиликти күшейтиў;

жынаят ислерин тергеў процессине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў, сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў уйымларының материаллық-техникалық базасын және де беккемлеў ҳәм  кадрлардың потенциалын арттырыў:

жынаятшылықтың алдын алыў системасының нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, жынаятлардың келип шығыў себеплери
ҳәм шараятларын өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыў, пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыў ҳәм оларда нызамға әмел етиў руўхын қәлиплестириў механизмин енгизиў.

Усы Пәрман менен төмендегилер әмелге асырылыўы белгилеп қойылды:

оператив-излеў жумысын әмелге асыратуғын уйымлардың хызметкерлери тәрепинен гүман етилиўши, айыпкер ямаса судланыўшыдан арза, түсиник хат ямаса көрсетпелер алыўды усы жынаят иси жүргизетуғын сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса судьяның жазба рухсатына тийкарланып ҳәм тек қорғаўшы қатнасыўында әмелге асырыў (белгиленген тәртипте қорғаўшыдан ўаз кешилген жағдайлар буған кирмейди);

жынаятқа ислеўде гүманланып атырған шахсты услап турыў мүддеттин ол ҳақыйқатта усланған ўақыттан баслап есаплаў;

шахс әмелде усланған ямаса оны жынаят үстинде услаўға байланыслы оператив  илаж әмелде жуўмақланған ямаса гүман етилиўши деп тән алынғанлығы ҳаққындағы қарар оған билдирилген ўақыттан баслап оның менен байланыслы процессуал ҳәрекетлерди өткериўден алдын оның адвокат пенен жеке ушырасыўы тәмийинлениўи шәрт екенлигин белгилеў;

айыбын мойнына алыў бойынша келисим институтын енгизиў.

Оғада аўыр жынаят ислеўде гүман қылынып атырған яки айыпланып жынаят исин судқа шекем жүргизиў басқышында гүўа ҳәм жәбирлениўши аўыр кеселлиги ямаса узақ мүддетке шекем сырт мәмлекетке шығып кетиў зәрүрлиги себепли кешлеў сораў алыў имканияты болмаған жағдайда, олардың көрсетпелерин гүманланыўшы, айыпкер, жәбирлениўши, гүўа, прокурор ямаса адвокаттың өтинишине бола суд тәрепинен тәреплердиң қатнасыўында алдыннан беккемлеп қойыў (депонирование) тәртибин енгизиў;

оғада аўыр жынаят жүз бергенде гүман етилип ямаса айыпланып атырған шахсларға байланыслы ислер бойынша, сондай-ақ, шахсты қамаққа алыў ямаса үй қамағы түриндеги абайлылық илажын қолланыў мәселеси көрип шығылып атырғанда қорғаўшының қатнасыўы шәрт екенлигин белгилеў.

Буннан тысқары, Усы Пәрман менен төмендегилер қадаған етилмектке.

тергеўге шекем тексериў, сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў уйымларының хызметкерлери тәрепинен шахсты нызамға қайшы келетуғын ҳәрекетлерди ислеўге баслаў ҳәм бундай ҳәрекет ақыбетинде жүз берилген жынаят ушын оны айыплаў. Онда, оператив-излеў илажлары нәтийжелери тек олардың нызам талапларына тийкарланып алынған ҳәм шахста ҳуқық  қорғаў уйымларының хызметкерлери ямаса оператив илажда қатнасқан басқа шахслардың  ҳәрекетлерине байланыслы болмаған жағдайда жынаятқа қол урыў ушын қәлиплескен қасты бар болғанда ғана суд ҳүкиминде дәлил сыпатында  тән алыныўы мүмкин;

шахсты жынаят исинде гүманланыўшы ямаса айыпкер сыпатында тартыў ушын тийкарлар бар болған жағдайларда (экспертиза ямаса тексериў өткериў талап етилетуғын жағдайлар буған кирмейди), оны гүўа ретинде сораўға тартыў, сондай-ақ, оған гүманланыўшы ямаса айыпкердиң процессуал ҳуқықлары түсиндирилиўине шекем оннан бирде-бир жазба ямаса аўызеки көрсетпелер алыў;

усланған гүманланыўшы ямаса айыпкердиң жақын туўысқанларын процесс қатнасыўшысы сыпатында тартыў ушын тийкарлар болмаған жағдайларда  оларды ҳуқық қорғаў уйымларына шақырыў ҳәм сораўға тартыў;

сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў уйымларының хызметкерлери тәрепинен мазмунлы көрип шығыў ушын судқа жиберилген жынаят иси шеңберинде судланыўшы, жәбирлениўши, гүўа, пуқаралық даўагер, пуқаралық жуўапкер ҳәм басқа да суд процесиниң қатнасыўшыларын ҳуқық қорғаў уйымларына шақырыў ямаса сораўға тартыў (олар менен байланыслы болған айрықша ис жүргизиўге ажыратылған жынаят иси ямаса судтың жазба тапсырмасы бар болған жағдайлар буған кирмейди).

Соны айрықша есапқа алыўымыз керек, Президентимиз айтқанындай “Ҳәр бир пуқара қабыл етип атырған қарарларымыз реал пайда берип атырганын сезиўи керек”. Бүгинги күнде қабыл етилип атырған нызам ҳәм нызам асты ҳүжжетлеримиздиң бәршеси де биринши нәўбетте пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерин исенимли қорғаўдан ибарат болыўы лазым. Қашан шахстың ар-намысы ҳәм қәдир-қымбаты нызамлар менен беккемлеп қойылса ғана, жәмийетте саламат пикирлеўши адамлар салмағы кеңейип барады. Сонда ғана мәмлекетлик уйымларына қарата билдирилип атырған унамсыз пикирлер де кемейип, өз-өзинен оларға қарата исеним руўхы артыўына себеп болады.

Р.Курбанов

Тахтакөпир районы әдилликбөлиминиң бас мәсләҳәтшиси