«Жуўапкершилиги шекленген ҳәм қосымша жуўапкершиликли жәмийетлер ҳаққында»ғы ҳәм «Шаңарақлық исбилерменлик ҳаққында»ғы Нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди
Өзбекстан Республикасының 2020-жыл 21-июльдағы ЎРҚ-629-санлы «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында» ғы Нызамы қабыл етилип, усы Нызам менен Өзбекстан Республикасының 2001-жыл 6-декабрьде қабыл етилген «Жуўапкершилиги шекленген ҳәм қосымша жуўапкершиликли жәмийетлер ҳаққында»ғы 310-II-санлы ҳәм Өзбекстан Республикасының 2012-жыл 26-апрельде қабыл етилген «Шаңарақлық исбилерменлик ҳаққында»ғы ЎРҚ-327-санлы Нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Киргизилген өзгертириўлерге тийкар, жуўапкершилиги шекленген ҳәмде қосымша жуўапкершиликли жәмийетлерге облигацияларды нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте шығарыўға ҳәм жайластырыў имканияты берилди. Сондай-ақ, юридикалық шахс шөлкемлестирмеген Шаңарақлық исбилерменлик субъектлери үш адамға шекем турақлы жумысшы жаллап, олар менен мийнет шәртнамасы дүзиўге, мийнетке жарамлы жасқа толған басқа жақын ағайинлерин, және балалары ҳәм ақлықларының күйеўин (ҳаялын), аға-инилери ҳәм апа-сиңлилерин, олардың ҳаялы (күйеўин) ҳәм балаларын юридикалық шахс шөлкемлестирмеген шаңарақлық исбилерменлик субъектиниң шөлкемлестириўшиси сыпатында қатнастырыў мүмкинлиги белгиленген болса, шаңарақлық кәрхана шөлкемлестириўшилериниң улыўма жыйналысы ўәкилликлерине де бир қатар қосымшалар киргизилди.
П.Реймқулов
Тахтакөпир районы Мәмлекетлик хызметлер орайы директоры