Пуқараның шағым арзасы суд тəрепинен өзгериссиз қалдырылды
Атап айтқанда ҳуқықбузар Қазахбаев Қазах (исми өзгертилген) ҚР Мəмлекетлик санитария-эпидемиологиялық бақлаў баскармасы Қараөзек районы филиалы қарарына тийкар, 2020-жыл 12-май күни саат 11:30лар шамасында карантин ўақтында коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы ис-илажларға əмел етпестен Қараөзек районы Ажинияз көшеси бойында өзиниң басқарыўындагы «Кобальт» маркалы мəмлекетлик белгиси 95М 236НA автотранспорт қуралын арнаўлы рухсатнамасыз басқарғанлығы нəтийжесинде «Халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы ҳаққында»ғы Нызамының 17,30-статьялары ҳəм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 23-марттағы «Коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы 176-санлы Қарар талапларын бузғанлығы анықланып, ҚР Мəмлекетлик санитария-эпидемиологиялық бақлаў баскармасы Қараөзек районы филиалы менгериўшиси тəрепинен 12.05.2020-жылғы ҲЖҳКниң 54- статьясы 2-бөлими менен ҳуқықбузар Қазахбаев Казахқа базалық есаплаўмуғдарының 20 есеси, яғный 4.460.000 сум жəрийма жазасы тайынланған.
Ҳуқықбузар Қазахбаев Казах өзине нисбатан тайынланған жəрийма жазасына нəрийзалық билдирип, судқа шағым арза менен мүрəжат еткен, шағым арза суд тəрепинен исленген хуқықбузарлықтың қəсийетин ҳəм жəмийетлик қəўиплилик дəрежесин, ҳуқықбузардың суд мəжлисинде бергенўəжлери менен келисип болмаслығын итибарға алып, оған тайынланған жəрийма жазасын өзгертиўге ямаса бийкар етиўге тийкар жоқ деген жуўмаққа келип, қарарды өзгериссиз қалдырыўды, шағым арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
М.Бекимбетов
Тахтакөпир районы ҳəкимшилик суды баслығы