Siyosat СОЦИАЛЛЫҚ ТАРАЎДЫ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ РЕФОРМАЛАРЫ ӘМЕЛДЕ

СОЦИАЛЛЫҚ ТАРАЎДЫ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ РЕФОРМАЛАРЫ ӘМЕЛДЕ

0
СОЦИАЛЛЫҚ ТАРАЎДЫ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ РЕФОРМАЛАРЫ ӘМЕЛДЕ

Күшли социаллық сиясат жүргизиў–ғәрезсизлик жылларында Өзбекстан Республикасының әҳмийетли  бағдарларының бири болды.

Мәмлекетимиздиң буннан былайда раўажланыўының баслы бағдарларын белгилеп бериўши Ҳәрекетлер стратегиясында социаллық тараўды раўажландырыўда халықтың бәнтлиги ҳәм реал дәраматларын асырыў, социаллық қорғаў, ҳаял-қызлардың жәмийет турмысындағы белсендилигин асырыў, социаллық инфрадүзилмени, ден саўлықты сақлаў, билимлендириў тараўын раўажландырыў, жаслар сиясатын жетилистириў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилип бүгинги күнде орынланыўы тәмийинленбекте.

Бул ўазыйпалардың 2020-жылда орынланыўы жағдайы бойынша тоқталып өтсек.

2020-жылдың 6 ай жуўмағына тийкар, Өзбекстанда халық саны
34 миллион 191 мың 700 адамды қурайды.  Мийнет базарында 12 736 615 адам жумыс пенен бәнт болып, 1 944 036 адам жумыссыз есапланады,
яғный жумыссызлық дәрежеси 13,2 ни қурайды.

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде усы жылда бир қатар норматив-ҳүжжетлер қабыл етилди.

“Исбилерменлик искерлиги ҳәм өзин-өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары менен өзин-өзи бәнт еткен шахслар шуғылланыўы мүмкин болған искерлик (хызметлер, жумыслар )түрлериниң саны 67 ге жетти.

Халықтың қыйтақ жерлерден пайдаланыў нәтийжелилигин асырыў, қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеў бойынша Президент қарарлары қабыл етилди.

Мәмлекетимизде Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-куўатлаў министрлигиниң шөлкемлестирилиўи жәмийетте социал-мәнәўий орталықты жақсылаў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының артықша ўазыйпаларының қысқартылыўы олар жумысларын сапа тәрептен жаңа басқышқа көтериў, халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламын мәнзилли қоллап-қуўатлаўға тийкар болды.

Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин асырыў бағдарындағы реформалар үзликсиз даўам етпекте.

Атап айтқанда, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың жәмийет ҳәмде мәмлекет жумысларын басқарыўда, сайлаў процессинде теңдей қатнасыўды, ден-саўлықты сақлаў, билимлендириў, пән, мәденият, мийнет ҳәм социаллық қорғаў тараўларында теңдей ҳуқық ҳәмде имканиятлардың мәмлекет тәрепинен тәмийинлеўши ҳәм ҳаял-қызларды ҳәр қандай басым
ҳәм зорлықлардан қорғаў, бундай жағдайға қарсы гүресиўдиң анық механизми енгизилди.

Ҳаял-қызлар ушын жоқары оқыў орнына кириўде 4 пайызлы қосымша мәмлекетлик грант тийкарындағы таңлаўда қатнасыўға усыныс бериў бойынша Реже тастыйықланды. Бундай усыныслар социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызларға ажыратылыўы белгиленди. 2020/2021-оқыў жылында республика бойлап күндизги тәлимге 940 қосымша квота ажыратылды.

2020-жыл мәмлекетимизде короновирус инфекциясы кирип келиўи мүнәсибети менен қатан карантин шаралары енгизилди.

Карантин шәраятында халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Коронавирус пандемиясы ўақтында социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы Пәрманы менен “темир дәптер”ге киргизилген ҳәм ағзалары 1,7 миллионнан аслам болған 400 мыңнан көбирек шаңарақларға Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиў, 2020-жыл 1-сентябрьден баслап пенсиялар, балалықтан майыплығы болған шахсларға, зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақалардың муғдары 1,1 есеге артырылыўы, төлеў мүддетти 2020-жылдың июль-сентябрь айларында тамамланатуғын балалары болған шаңарақларға ҳәм бала тәрбиясы менен шуғылланатуғын аналарға напақа төлеў гезектеги 6 ай мүддетке (бала 2 жас ҳәм 14 жастан аспаған жағдайда) даўам еттирилиўи белгиленди.

Соның менен бир қатарда, халықтың үй-жайға болған мүтәжлигин есапқа алып, ипотека базарын раўажландырыў мақсетинде 2020-жылдың
1-май сәнесинен баслап 2022-жыл 1-январьға шекем физикалық шахсларға жеке пудрат шөлкемлери тәрепинен таяр ҳалда тапсырыў шәртисиз қурылған квартираларды бирлемши үй-жай базарында сатып алыў ушын ипотека кредитлерин ажыратыўға рухсат берилди.

Жуўмақлап айтқанда, халықты социаллық жәрдемге мүтәж қатламын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, социаллық тараў ҳәм усы тараўдағы халыққа көрсетилетуғын хызметлерди сапа тәрептен жаңа басқышка көтериўши реформалар халықтың мүнәсип турмыс кешириўин тәмийинлеўге хызмет етиўи менен де әҳмийетли есапланады.

Р.Курбанов

Тахтакөпир районы әдиллик бөлиминиң бас мәсләҳәтшиси