Қашып кеткен пуқара жəрийма төлеўге туўра келди.
Атап айтқанда ҳуқықбузар Қазахбаев Қазах (исми өзгертилген) 2020- жыл 4-июль күни саат 00:05 лерде Қазахбаев Қазах өз басқарыўындағы Р.Т ға тийисли болған “Нексия” маркалы мəмлекетлик белгиси 95 R ХХХ FA болған автомашинасын Тахтакөпир районы “Қараой” АПЖ аймағында Тахтакөпир-Нөкис автомобиль жолының 6-километринде басқарып киятырып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 24- декабрь күнги 370-санлы қарары менен тастыйықланған ҳəм 2016-жыл 1- март күнинен баслап өз күшине кирген əмелде болған “Жол ҳəрекети қағыйдалары»ның 64-бəнтинде “Егер сызық яки жол белгилери болмаған еки тəреплеме жолларда айдаўшы жолды есапқа алған ҳалда” ҳəм 67-бəнтинде “айдаўшы өзиниң басқарып баратырған жолдың оң тəрепки шетинде ҳарекетлениўи керек, бағдары ашық болса, жолдың ортасына яки қарама- қарсы бағдарға шығып ийелеп басқарыў қадаған” деп көрсетилген талапларын турпайы түрде бузып, қарама-карсы бағытта ҳəрекетленип қиятырған Б.Ш. ның басқарыўындағы “Кобальт” маркалы мəмлекетлик белгиси 95 N ХХХ GА болған автомашинасы менен соқлығысып, жол- транспорт ҳəдийсесин сəдир еткен ҳəм ўақыя орнынан кетип қалған.
Бул ҳəрекетлери менен ҳуқықбузар Қазахбаев Қазахқа нисбатан Тахтакөпир районы ҳəкимшилик судының 2020-жыл 21-август күнги карары менен Өзбекстан Республикасы Ҳəкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 1285-статьясы 2-бөлими,133-статьясы ҳəм 137-статьясында нəзерде тутылған ҳуқықбузарлықларды сəдир еткен деп табылып, оған Ҳəкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң ҲЖҳКниң 34- статьясына тийкар үзил-кесил жаза аўырырақ ҳəкимшилик жазаны нəзерде тутыўшы санкция шеңберинде базалық есаплаў муғдарының 30 (отыз) есеси,яғный 6.690.000 сум муғдарында жəрийма жазасы тайынланды.
М.Бекимбетов
Тахтакөпир районы ҳəкимшилик суды баслығы