Siyosat Судлар структурасында да өзгерислер болады  

Судлар структурасында да өзгерислер болады  

0
Судлар структурасында да өзгерислер болады   

 

Суд қорғаўын тəмийинлеўдеги артықша бюрократиялық тосықлар сақланып қалып атырғанлығы, суд қарарларын қайта көриўдиң бир-бирин тəкирарлаўшы басқышлары бар екенлиги, инвесторлар ҳуқықларының суд қорғаўында болыўы жетерли дəрежеде шөлкемлестирилмегенлиги ҳəм басқа бир қатар кемшиликлер суд  органларының əмелдеги структурасын заман талаплары ҳəм халық аралық стандартларға муўапық қайта көрип шығыўды талап етеди.

Бəршемизге белгили, усы жыл 24-июль күни Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң «Судлар искерлигин жəне де раўажландырыў ҳəм əдил судлаў нəтийжелилигин асырыў менен байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында» ғы Пəрманы қабыл етилди.

Усы Пəрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды тəрепинен Судьялар Жоқарғы кеңеси ҳəм судьялар бирге ислесиўи менен биргеликте нызамшылық басламасы тийкарында суд системасында 2021-жыл 1-январьдан баслап төмендеги шөлкемлестириўшилик-структуралық өзгерислерин əмелге асырыўды нəзерде тутыўшы нызам жойбары ислеп шығылды.

Ўəлаят ҳəм оған теңлестирилген пуқаралық ислери бойынша, жынаят ислери бойынша судлар ҳəм экономикалық судлар тийкарында судьялардың қатаң қəнийгелесиўин сақлап қалған ҳəм суд ислерин жүргизиў түрлери бойынша өз алдына судлаў коллегияларын шөлкемлескен ҳалда Қарақалпақстан Республикасы, ўəлаятлар ҳəм Ташкент қалалық улыўма юрисдикция судларын шөлкемлестириў белгиленди.

Ҳəкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыў ўəкиллигин ҳəкимшилик судлардан жынаят ислери бойынша судларға өткериў, ҳəкимшилик ҳəм басқа ғалаба ҳуқықый мүнəсибетлерден келип шығатуғын ислерди көриўге қəнийгелестирилген Қарақалпақстан Республикасы, ўəлаятлар орайлары ҳəм Ташкент қаласында районлар аралық ҳəкимшилик судларын шөлкемлестириў, сол мүнəсибет пенен район(қала) ҳəкимшилик судларын тамамлаў. Бунда Қарақалпақстан Республикасы, ўəлаятлар ҳəм Ташкент қалалық ҳəкимшилик судлары сақланып қалыныўы белгиленген.

Жынаят ислерин судта көриў ушын тайынлаў басқышында ис бойынша қарарларды тартысыў принципине əмел еткен ҳалда тəреплер қатнасында қабыл етиў тəртибин белгилеў, жынаят исиниң улыўма тəртипте көрип шығылыўына тосқынлық етиўши факторларды тезлик пенен анықлаў ҳəм сапластырыў имканын бериўши дəслепки еситиў басқышын киргизиў.

Усы Пəрман менен, районлар аралық, район(қала) судларының қарарларын ўəлаят ҳəм оған теңлестирилген судлардың биринши инстанция суды сыпатында шығарған қарарларын болса Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судлаў коллегиялары тəрепинен апелляция тəртибинде қайта көрип шығыў, апелляция тəртибинде көрип шығылған суд қарарларын

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судлаў коллегиялары тəрепинен кассация тəртибинде қайта көрип шығыў белгилеп қойылды.

Прокурор тəрепинен судтың нызамлы күшине кирген ҳүкими, шешиў қарары, уйғарыўы яки қарары бойынша ислерди, усы ислер бойынша тəреплер мүрəжаты бар болған жағдайда ғана, судтан шақырып алып үйрениў, нызамда нəзерде тутылған жағдайлардан тысқары судларда басқа шасхлардың басламасы менен қозғатылған пуқаралық ҳəм экономикалық ислердиң көрилиўинде прокурор өз басламасы менен қатнасыўын бийкарлаў белгилеп қойылды.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳəм нызамлы мəплерин қорғаў бойынша ўəкил, Инвестициялар  ҳəм  сыртқы саўда министрлиги, Саўда-санаат  палатасының Жоқарғы дүзилмесинде инвестициялық даўларды ҳəм де бəсеки менен байланыслы ислерди көриў бойынша судлаў қурамын дүзиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, ўəлаят ҳəм оған теңлестирилген судлар қурамында төмендеги қурам структура(лаўазым) лар киргизилиўине разылық берилди:

а) Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды структурасында:

Жоқарғы суд басқармалары искерлигин шөлкемлестириў ҳəм муўапықластырыў ўазыйпасы жүклетилген, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумына есап беретуғын, Жоқарғы суд баслығының усынысына тийкарланып Жоқарғы суд Пленумы тəрепинен лаўазымына тайынланатуғын ҳəм лаўазымынан азат етилетуғын Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды аппараты баслығы лаўазымы;

Суд-ҳуқық      тараўындағы      нызамшылықты      анализлеў      басқармасы, жəмəəтшилик ҳəм ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў басқармасы;

Ўəлаят ҳəм оған теңлестирилген судлар структурасында баспа сөз хызметлери;

Өзбекстан Республикасы Судьялар Жоқарғы Кеңеси, Жоқарғы суды ҳəм Финанс министрлигиниң Судьялар Олий мектеби Суд əмелияты машқалаларын үйрениў орайын сапластырыў ҳаққындағы усынысы мақулланды.

Өзбекстан Республикасы Судьялар Жоқарғы Кеңеси жанындағы Судьялар Жоқарғы мектебиниң Суд əмелияты машқалаларын үйрениў орайының сапластырылыўы есабынан босап атырған 9 штат бирликлери Жоқарғы суд структурасында шөлкемлестирилип атырған Суд-ҳуқық тараўындағы нызамшылықты үйрениў басқармасын қəлиплестириўге бағдарланады.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды аппараты баслығы, басқарма баслықларына қарата Жоқарғы суд судьялары ушын белгиленген, Жоқарғы судтың басқарыў хызметкерлери қурамына киргизилген басқа хызметкерлерине болса, ўəлаят судлары судьялары ушын белгиленген мийнетке ҳақ төлеў ҳəм материаллық хошаметлеў шəртлери енгизилди.

Бунда, усыныс етилген шəртлер тек ғана алдын судьялық лаўазымында ислеген шахсларға қарата қолланылыўы, усы шахслардың сол лаўазымларда ислеген ўақты судьялық стажына қосылыўы ҳəм пенсия тайынлаўда есапқа алыныўы инабатқа алынған.

Өзбекстан     Республикасы     Министрлер     Кабинетине   2020-жыл 1-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды, судьялар Жоқарғы Кеңеси, Жоқарғы суды, төменги суд системасы судьялар, Судьялар Жоқарғы мектеби ҳəм олардың аппараты хызметкерлери, Жоқарғы суд жанындағы Судлар искерлигин тəмийинлеў департаменти ҳəм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлери ис ҳақылары ҳəм қосымша төлемлерин толығынша Мəмлекет бюджети қаржылары есабынан қаржыландырыўға өткизилиўин ҳəм де ис ҳақылары муғдарларының асырылыўын нəзерде тутыўшы усынысларын киргизиў белгилеп қойылды.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Финанс министрлиги менен биргеликте пенсия тайынланған ҳəм судья сыпатында өз искерлигин даўам еттирип атырған шахслардың пенсиялары сыпатында өз искерлигин даўам еттирип атырған шахслардың пенсиялары жаңа белгиленетуғын судьялар мийнетине ҳақы төлеў шəртлерин есапқа алған ҳалда қайта есап-китап етилиўин тəмийинлеў.

Сондай-ақ, жаңадан шөлкемлестирилип атырған судлар ҳəм бөлимлерди толтырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суд аппараты структурасына қосымша басқарыў хызметкерлери штатларын киргизиў судлар системасын оптималластырыў нəтийжесинде босайтуғын штат бирликлери есабынан əмелге асырылады.

Ш.Абдыжемилова

Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы