Siyosat Районлық медицина бирлеспесиниң МҮРӘЖАТЫ

Районлық медицина бирлеспесиниң МҮРӘЖАТЫ

1
Районлық медицина бирлеспесиниң МҮРӘЖАТЫ

Районлық медицина бирлеспесиниң «Карантин талапларының басқышпа-басқыш жумсартып барылыўы мүнәсибети менен пуқаралардың санитариялық талапларға қатаң әмел етиўи зәрүрлиги, халыққа бирлемши медициналық-санитариялық жәрдемниң өз ўақтында ҳәм жоқары сапалы көрсетилиўи бойынша» район халқына

МҮРӘЖАТЫ

Қәдирли ўатанласлар!

Ҳәммеңизге белгили, Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимизде коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў, оның кең тарқалыўының алдын алыў, халықтың денсаўлығыын сақлаў ҳәм елимиз экономикасының турақлылығын тәмийинлеў, исбилерменлик субъектлериниң нәтийжели жумыс алып барыўы ушын қолайлы шәраятларды жаратыў, халыққа азық-аўқатлық ҳәм басқа да зәрүр өнимлерди жеткерип бериў, сондай-ақ, халықтың социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж қатламларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Бул бағдарда өткен айлар даўамында қәўипли инфекцияның кеңнен тарқалыўының алдын алыў бойынша бир қатар әҳмийетли Пәрман ҳәм қарарлар, бағдарламалар қабыл етилди.

Тиккелей Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы менен халыққа медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў ҳәм емлеў орынларын көбейтиў, дәри өнимлери менен тәмийинлеў, бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиў мекемелериниң жумысларын жақсылаў бағдарында бир қатар унамлы жумыслар алып барылмақта. Соны айрықша атап өтиўимиз орынлы, бул инфекцияны жуқтырып алған наўқаслар жүз пайыз мәмлекет қаржылары есабынан даўаланбақта.

Соны да айрықша атап өтиў орынлы, Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев усы жыл 12-август күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде ҳәр бир пуқараның денсаўлығы ушын гүрести және де күшейткен ҳалда, экономика ҳәм социаллық тараўлардың турақлы ислеўин тәмийинлеў, халықтың жасаў шәраятларын жеңиллестириў мақсетинде карантин талапларын басқышпа-басқыш жумсартыў зәрүрлиги бойынша баалы пикирлер билдириў менен бирге, кешиктириўге болмайтуғын әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.

Бул ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республика арнаўлы комиссиясының қарарына муўапық, 15-августтан баслап автотранспорт қуралларының күн даўамында толық ҳәрекетлениўине, жергиликли авиарейслер менен темир жол қатнаўына, ашық ҳаўада хызмет көрсетиўши улыўма аўқатланыў объектлерине, мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери менен мектеплерге ҳәм басқа да бир қатар хызмет түрлерине басқышпа-басқыш рухсат берилмекте.

Буннан тысқары, денсаўлықты сақлаў, халық билимлендириў ҳәм басқа да жуўапкер министрликлер, мекемелер менен бирге жаңа оқыў жылында билимлендириў мекемелеринде оқыў процесслерин карантин талапларына әмел еткен ҳалда шөлкемлестириў илажлары көрилмекте.

Өткен айлар даўамында районымызда әмелге асырылған илажлар ҳаққында айтатуғын болсақ, наўқасларды емлеў ушын районлық медицина бирлеспесинен 90 орын таярланып, зәрүр болған дәри-дәрмақлар, медициналық әсбап-үскенелер, медицина хызметкерлери менен толық тәмийинленди.

Буннан тысқары район орайынан 100 орынлық арнаўлы бөлистириў пункти ажыратылған.

Бул медицина мекемелеринде наўқасларға медициналық хызмет көрсетиў ушын 70 тен аслам шыпакер ҳәм 180 нен аслам орта буўынлы медицина хызметкерлери жумыс алып барып, олар жеке қорғаныў буйымлары менен толық тәмийинленген.

Бүгинги күнде медицина бирлеспесинде 2 дана жасалма дем бериў ҳәм 2 дана кислород бериў аппараты, 9 дана кислород концентраторы, 34 дана кислород баллоны менен тәмийинленген.

Районлық медицина бирлеспесине жыл басынан усы дәўирге шекем бюджет есабынан 271 миллион 811 мың сумға дәри препаратлары, 21 миллион 334 мың сумға дезинфекция затлары, 57 миллион 328 мың сумға жеке қорғаныў қураллары, 62 миллион 854 мың  сумға азық-аўқатлық затлар сатып алынды.

Район ҳәкимлиги тәрепинен районда коронавирус инфекциясының тарқалыўының алдын алыў илажларына медицина бирлеспеси есап бетине еркин қалдықтан 70 миллион сум, резерв хордан 94 миллион сум, район дәраматының артықша орынланғаны есабынан 30 миллион сум, жәми 228 миллион сум өткерип берилип, соннан 29 миллион сумға дәри-препаратлары, 27 миллион сумға дезинфекция затлары, 78 миллион сумға жеке қорғаныў қураллары, 50 миллион сумға азық-аўқат өнимлери ҳәм 19 миллион сумға районда шөлкемлестирилген қосымша 100 дана резерв орынға жумсақ инвентарлар (матрас, көпшик), 1 миллион 750 мың сумға  1000 дана бир мәртелик ыдыс-табақлар топламы сатып алынды.
Соның менен бирге, «Меҳр-шавқат» хоры есабынан үй шәраятында емленип атырған пуқараларға 75 дана арнаўлы дәри-дәрмақлар топламы, 2760 дана плаквенил таблеткасы ҳәм 3540 дана парацетамол таблеткасы, бирлеспеге 800 ге жақын жеке қорғаныў буйымлары алып келинди.

Бүгинги күнде 100 ден аслам наўқасқа 2 айға жететуғын дәри-дәрмақлар резерви жаратылды.

Халыққа сапалы ҳәм тез медициналық жәрдем көрсетиў мақсетинде 4 дана тез медициналық хызмет көрсетиў автомашиналары, COVID-19 инфекциясы белгилери болған пуқараларды емлеўханаға жатқарыў ушын 13 дана мобиль бригадалар жумыс алып бармақта.

Районда сутка даўамында күни-түни 12 саатлық жумыс режиминде ислеўши, халықтың санынан келип шығып, 1 бригададан ибарат наўқасларға тез жәрдем көрсетиў ушын арнаўлы «COVID поликлиникасы» шөлкемлестирилди.

Буннан тысқары, халқымызды зәрүр медициналық мәсләҳәт ҳәм жәрдемлер алыўы ушын сутка даўамында ислеши (61) 435-21-45 ҳәм (61) 435-27-74 номерли CALL-орайы хызмет көрсетпекте.

Өз гезегинде пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығын қорғаўға қосып атырған үлкен үлеслери, пидәкерлик хызметлери ушын медицина ҳәм басқа да тараў хызметкерлерин қосымша социаллық ҳәм материаллық хошаметлеў мақсетинде 204 миллион сум қаржы төленди. Қала берсе, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 30-июльдағы 458-санлы қарары тийкарында 56 тез медициналық жәрдем хызметкерлерине жәми 139,2 миллион сумлық бир мәртелик хошаметлеў пуллары төлеп берилди.

Соны да тән алыўымыз тийис, айырым заманласларымыздың коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў бойынша елимизде әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерге немқурайдылық пенен қарап, арқайынлыққа берилиўи, санитариялық ҳәм эпидемиологиялық талапларға толық әмел етпеўи нәтийжесинде бул қәўипли вирус пенен кеселленгенлер саны жоқары көрсеткишлерди қурамақта.

Коронавирус инфекциясының инсан өмирине қаншелли қәўипли екенин, оның тарқалыў тезлиги қаншелли күшли екенин терең аңлап жетпес екенбиз, бул кеселликтен қутылыў мүддети және де созылатуғыны, ең ашынарлысы, оннан жәбирлениўшилер саны көбейетуғыны, жоғалтыўлар саны артатуғыны тәбийий.

Ўатанласларымыздың, туўған-туўысқанларымыздың, жақынларымыздың бул кеселликке шалынбаўын ҳәм саўалып шығыўын қәлер екенбиз, демек санитариялық талапларға қатаң әмел етиўимиз, халыққа бирлемши медициналық-санитариялық жәрдемниң өз ўақтында ҳәм жоқары, сапалы көрсетилиўин тәмийинлеўге итибарды күшейтиўимиз зәрүр.

Елимизде карантин талапларын басқышпа-басқыш жумсартып барыў арқалы халқымызды әдеттегидей турмыс тәризине қайтарыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажларды дурыс түсинген ҳалда арқайынлыққа берилмеўимиз тийис.

Мине, усындай халқымыздың әдеттегидей турмыс тәризине қайтыўы ушын ҳүкиметимиз тәрепинен исленип атрыған ийгиликли ислерди, коронавирус инфекциясының қаншелли қәўипли екенлигин дурыс түсинген ҳалда халқымызды белгиленген карантин тәртип-қағыйдаларға қатаң әмел етиўге, пуқаралардың жәмийетлик орынларда социаллық аралықты (2 метр) сақлаўға, медициналық нықапта болыўға, зәрүрлик болмаса жәмийетлик орынларға шықпаўға, жумысын даўам етиўге рухсат етилип атырған халыққа хызмет көрсетиў объектлерин карантин талапларына әмел етиўге, 65 жас ҳәм оннан жоқары жастағы пуқаралар, созылмалы кеселлиги бар болған инсанларды «Өз-өзин жеккелеў» турмыс тәризине әмел етиўге шақырамыз.

Әзийз аўылласлар!

Халқымызда «кеселликти емлегеннен көре оның алдын алған абзал» деген даналық гәп бар.

Солай екен, бәршеңизди пүткил дүнья бойлап кеңнен ен жайған бул жуқпалы инфекцияға қарсы гүресиўде шыпакер ҳәм тийисли қәнигелердиң усынысларына әмел етиўге, жеке гигиена ҳәм санитариялық қағыйдаларға қатаң бойсыныўға, карантинў талапларына әмел етиўге шақырамыз!

Усындай сынаўлы күнлерде ҳәр биримиз бийпәрўалыққа, арқайынлыққа жол қоймай, коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў бойынша елимизде әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерге мүнәсип үлесимизди қосайық!