Siyosat ШАҢАРАҚЛЫҚ МИЙМАНХАНА ИСКЕРЛИГИН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА

ШАҢАРАҚЛЫҚ МИЙМАНХАНА ИСКЕРЛИГИН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА

0
ШАҢАРАҚЛЫҚ МИЙМАНХАНА ИСКЕРЛИГИН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА

Туризм искерлигин раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў, аймақлардың туризм имканиятларынан пайдаланыў сапасын асырыў, дем алыў, туризм ушын шараятларды жақсылаў, сондай-ақ, туризм хызметлери көрсетиў тараўында жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәмде халықтың бәнтлигин асырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 7-августта «Шаңарақлық мийманхана искерлигин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 631-санлы қарары қабыл етилди.

Усы қарар менен:

-шаңарақлық мийманхана усы мийманханада үй ийесиниң шаңарақ ағзалары менен бирге жасаў принципи бойынша бир ўақыттың өзинде 10 адамға шекем келиўшилерге (туристлерге) ўақытша жасаў ҳәм аўқатланыў бойынша хызметлер көрсетиўши, сондай-ақ, ҳәр бир жасаўшыға 3 кв.м. есабынан туўры келетуғын зәрүр тураржай майданына ийе болған жеке меншик үй-жай есапланыўы;

-шаңарақлық мийманхана хызметлери шаңарақлық мийманхана шөлкемлестириў ушын жарамлы турар жай имаратына ийе болған ҳәм онда жасаўшы жеке исбилерменлер яки шаңарақлық исбилерменлик субъектлери тәрепинен көрсетилиўи;

-шаңарақлық мийманхана хызметлерин сертификатластырыў әпиўайыластырылган ҳалда, шаңарақлық мийманхананы үйрениў акты тийкарында оларды Шаңарақлық мийманхана ҳәм хостеллер жеке реестрине киргизиў, Шаңарақлық мийманхана ҳәм хостеллер жеке реестринен тийисли көширме бериў жолы менен әмелге асырылыўы;

Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети Шаңарақлық мийманханаларды дизимге алыў, Шаңарақлық мийманхана ҳәм хостеллер жеке реестрин жүритиўди әмелге асырыўы белгиленди.

Коммерциялық банклерге Шаңарақлық мийманхана ҳәм хостеллер жеке реестрине киргизилген жеке исбилерменлер яки шаңарақлық исбилерменлик субъектлериниң талаплары бойынша базалық есаплаў муғдарының 300 есеси муғдарында, бес жыл мүддетке, сондай-ақ 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен, Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасынан жоқары болмаған ставка бойынша жеңиллетилген кредитлер ажырытыў усыныс етилген.

Бунда коммерциялық банклер тәрепинен ажыратылатугын процент ставкасы Өзбекстан  Республикасы  Орайлық  банкиниң  қайта   қаржылындырыў   ставкасының 1,5 есесинен артық болмаған кредитлер бойынша процентлер муғдарының ярымы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик искерлигин раўажландырыўды қоллап қуўатлаў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети мәмлекетлик фонды қаржылары есабынан капланады.

2021-жыл 1-январынан баслап кредитлер коммерциялық банклер тәрепинен базар принциплери тийкарында ғәрезсиз орнатылатуғын базар ставкаларында, процент қәрежетлериниң бир бөлимин компенсация етиў механизминен пайдалыныў имканияты менен бериледи.

М.Алламбергенов

Тахтакөпир районлық Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы