Жасларға байланыслы жаңа Пәрман
Усы жылдың 30-июнь күни Өзбекстан Республикасының ПП-6017-санлы "Өзбекстан Республикасында жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатын түптен реформалаў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыў ис-илажлары ҳаққында"ғы Пәрманы қабыл етилди.
Бул Пәрманда мәмлекетимизде жас әўладты жетик етип тәрбиялаў, олардың өмирге ғәрезсиз қәдем қойыўлары ушын бәрше зәрүр шәраятларды жаратыўға қаратылған системалы ислер әмелге асырылып атырылғанлығын, соңғы жылларда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатының ҳуқықый тийкарларын беккемлеў мақсетинде "Жасларға байланыслы мәмлекет сиясаты ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилгенлиги, ең тийкарғысы усы Пәрман менен 30-июнь күни "Жаслар күни" деп жәрияланды, соның менен бирге ҳәр түрли тараўларда жоқары нәтийже ҳәм утысларға ерисип атырған пидайы жасларымызды хошаметлеп барыў мақсетинде "Мард ўғлон" мәмлекетлик сыйлығы ҳәм "Келажак бунёдкори" медалы шөлкемлестирилди.
Жасларды мәденият, санаат, физикалық тәрбия ҳәм спортқа кеңнен шақырыў, олардың мәлимлеме технология бойынша саўатларын асырыў, жаслар арасында китап қумарлықты үгитлеў, ҳаял-қызлар бәнтлигин тәмийинлеў ўазыйпаларын өз ишине алған бес керекли баслама әмелге асырылып атыр. Соның менен бирге, жасларды заманагөй исбилерменлик көнликпелерин жаратыў ҳәм жаңа орынларды жаратыў арқалы олардың бәнтлигин тәмийинлеў, ер жетпегенлер арасында ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятшылық профилактикасын унамлы шөлкемлестириў, шаңарақарда неке бузылыўлардың алдын алыў барысында бир қатар машқалалар сақланып қалып атыр. Өзбекстанда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатын жаңа басқышқа алып шығыў, жаслар тараўындағы машқалаларға үнамлы шешимлер ислеп шығыў, ўәкилликли уйымлар жумысын унамлы шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-декабрьдеги мәмлекет жаслары менен ушырасыўында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги (кейинги орынларда Агентлик) ҳәм оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қалалық басқармалары ҳәм район (қала) бөлимлерин шөлкемлестириў белгиленди. Соның менен бирге Агентликке жаслар менен байланыслы тараў ҳәм жөнелислерде бирден-бир мәмлекетлик сиясаты, стратегиялық жөнелислер менен мәмлекетлик дәстүрлерди ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, мәмлекетимизде жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўға қаратылған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди реформалаў бойынша усыныслар таярлаў ўазыйпалары белгиленди. Сондай-ақ, жаслар сиясаты тараўындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етиў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў, жасларды Ўатанға садық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет етиў руўхында тәрбиялаў, өсип атырған жас әўладты илим-пән ҳәм инновацияларға кеңнен тартыў, жаслардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаў, жаслар арасында ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятшылық профилактикасын әмелге асырыўда белсене қатнасыў бойынша бир қанша тийкарғы ўазыйпа ҳәм жумыс жөнелислери белгиленип берилди.
З.Д.Бердимуратов
Шымбай районлар аралық
экономикалық судының баслығы