ЖЕРГИЛИКЛИ БЮДЖЕТТИҢ ОРЫНЛАНЫЎЫ
Тахтакөпир районы жергиликли бюджетиниң 2020-жыл 6 айы даўамында дәраматлар бөлеги режеси 5 202 095,0 мың сум болып, ҳақыйқатта түскен түсим 7 414 502,2 мың сумды қурайды ҳәм реже 142 пайызға орынланды.
Районның жергиликли бюджетине Қарақалпақстан Республикасы бюджетинен 2020 -жылдың 6 айы даўамында 14 886 000.0 мың сум трансфертлар алынды. Бул алынған трансфертлар биринши нәўбетте төленилиўи тийис болған төлемлер, яғный халқымызды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм халық билимлендириў мекемелери хызметкерлериниң ис ҳақы ҳәм бирден-бир социаллық төлемлерин қаржыландырыўға жумсалды.
Районымыз бюджетиниң қәрежетлер бөлеги режедеги 55 034 238.5 мың сум орнына 29 864 032.5 мың сум сарыпланып, реже 54,3 пайызға орынланды. Соннан:
- халық билимлендириў тараўына режедеги 6 499 530.0 мың сум орнына ҳақыйқатта 3 931 295.9 мың сум сарыпланып, реже 60,4 пайызға орынланды;
- ден-саўлықты сақлаў тараўына режедеги 18 049 468.0 мың сум орнына ҳақыйқатта 11 268 992.8 мың сум сарыпланып, реже 62,4 пайызға орынланды;
- мәдений ағартыў тараўына режедеги 2 362 052.0 мың сум орнына ҳақыйқатта 1 520 160.1 мың сум сарыпланып, реже 64,3 пайызға орынланды;
Халық хожалығын қаржы менен тәмийинлеў бойынша реже 50,4 пайызға, яғный, режедеги 3 473 830.0 мың сум орнына 1 750 579.3 мың сум бюджет қаржысы жумсалды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2013-жыл 15-февральдағы 44-санлы «Кем тәмийинленген шаңарақларға социаллық напақалар ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2020-жылдың 6 айы даўамында 14 жасқа шекемги балалары бар шаңарақларға 1 386 523.8 мың сум, 2 жасқа шекемги балалары бар аналарға 1 878 005.9 мың сум напақа пуллары, сондай-а3, кем тәмийинленген шаңарақларға 1 285 387.0 мың сум жәрдем пуллары қаржыландырылды. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 30-марттағы 161-санлы карары менен бир мәртелик берилетуғын материаллық жәрдем 93 255.0 мың сумды қурады.
З. Тәжимуратов
Тахтакөпир районы қаржы бөлиминиң баслығы