Онлайн тәризде мәмлекетлик хызметтен пайдаланың!
Бәршемизге белгили, ҳәзирги ўақытта глобаль машқалаға айланған коронавирус пандемиясы пүткил дүньяны тәшўишке салмақта. Шыпакерлеримиздиң тынымсыз мийнети ақыбетинде саўалып атырғанлар көпшиликти қураса да, бүгинги күнде дүньяның дерлик барлық еллеринде пандемияға қарсы илажлар күшейтилмекте. Мәмлекетимиз бойлап көпшилик орынларда карантин жәрияланғанына қарамастан Мәмлекетлик хызметлер орайлары өз искерлигин тоқтатпастан, пуқараларға зәрүр ҳәм кешиктирип болмайтуғын хызметлерди көрсетиўди даўам етип атырғанлығы ҳаққында хабар берген едик.
Бүгинги күнде мүрәжатлардың нәтийжели формаларының бири сыпатында электрон мүрәжатларды айтыўымыз мүмкин. Атап айтқанда, бүгинги күнде Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер түри 130 дан аслам болып, бул хызметлердиң бәршесинен аралықтан (дистанцион) турып интернет тармағы арқалы онлайн тәризде, яғный, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы пайдаланыўыңыз мүмкин. Бунда сизиң қымбатлы ўақтыңыз, финанслық қәрежетлериңиз ҳәм артықша әўерегершиликлер де болмайды. Сондай-ақ, мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўыңыз ушын төлемиңизге 10 пайызға шегирме бериледи. Буның ушын ең алды менен сизде my.gov.uz порталы арқалы мәмлекетлик хызметлеринен пайдаланыў ушын электрон мүрәжатларды жибериўде электрон санлы имза болыўы тийис.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының “Электрон ҳүкимет ҳаққында”ғы Нызамға тийкарланып, электрон санлы имза менен бәрше мәмлекетлик ҳәкимияты ҳәм басқарыў органлары, сондай-ақ, банк хызметлериниң барлық түрлеринен еркин пайдаланыў имканиятын тәмийинлейди. Сондай-ақ, қағаз ҳүжжетке қолда өзи қойған имза менен бирдей әҳмийетке ийе екенлиги белгиленген. Электрон санлы имзаны сиз онлайн тәризде https://e-imzo.uz/getting/step-1 сайты арқалы яки мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы алыўыңызға болады.
Соның менен бирге, мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў тараўына байланыслы өзиңизди қызықтырған мағлыўматларға ийе болыўыңыз ушын davxizmat.uz сайтынан пайдаланыўыңыз мүмкин. Булардың бәршеси пуқараларымыздың пайдасы, олардың шараятларын жақсылаў ҳәм ўақытларын тежеў ушын хызмет етеди. Сонлықтан да, жоқарыдағы көрсетип өтилген имканиятлардан зәрүрлик болмаса үйден шықпаған ҳалда пайдаланып, глобаль машқалаға айланған коронавирус пандемиясынан өзлеримизди қорғаўымыз ҳәм оған қарсы гүресиўимиз зәрүр.
Ҳүрметли пуқаралар!
Өзиңиз ҳәм жақынларыңыздың саламатлығы сизиң қолыңызда! Мәмлекетлик хызметлеринен онлайн тәризде my.gov.uz электрон порталы арқалы пайдаланың.
Б.Нурлыбеков
Тахтакөпир районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы