СУД СИСТЕМАСЫНДАҒЫ ӨЗГЕРИСЛЕР
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Судлар искерлигин еле де жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин асырыўға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳақкында»ғы Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға муўапық суд системасында төмендеги өзгерислер жүз береди:
Бирден бир улыўма юрисдикция судлары шөлкемлестириледи.
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы пуқаралық, жынаят ҳәм экономикалық судлар бирлестирилип, олардың негизинде бирден бир улыўма юрисдикция судлары шөлкемлестириледи.
Ҳәкимшилик ҳәм басқа ғалабалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислерди көриўге қәнигелестирилген Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайлары ҳәм Ташкент қаласында районлараралық ҳәкимшилик судларды шөлкемлестирилип, қала (район) ҳәкимшилик судлары сапластырылады. Бунда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайлары ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимшилик судлары сақлап қалынады.
Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен көрип шығылады.
Тийисли район (қала) халқының саны ҳәм жумыс көлеминен келип шығып, 4 район экономикалық судлары сапластырылмақта: Әмиўдәрья, Нурабад, Байсын ҳәм Пастдарғам;
Янгийўл, Ургут, Сўх, Хатирчи ҳәм Пахтакор район пуқаралық судлары ҳәм Бозатаў, Тақыятас, Бандихан ҳәм Топыраққала район жынаят судлары шөлкемлестирилмекте.
Судьялардың ис ҳақысын 2021-жыл 1-январьдан баслап толық мәмлекетлик бюджеттен төлеў тәртиби енгизиледи.
Ҳәзирги ўақытта судьялардың тайынлаған жәриймасы ҳәм мәмлекетлик бажы пулының 40% арнаўлы фондқа өткериледи ҳәм усы фонд есабынан оларға айлық төленип киятыр. Бул өзгерис судьяларды фонд қаржыларына ғәрезлилигинен азат етеди.
Сондай-ақ, Финанс министрлигине судьялардың ис ҳақысын көбейтиў бойынша усыныс таярлаў тапсырылды.
М.Бекимбетов
Тахтакөпир районы ҳәкимшилик суды баслығы