Siyosat КЕМЕЛЕР ҲӘМ КИШИ КӨЛЕМЛИ КЕМЕЛЕРГЕ ИЙЕЛИК   ЕТИЎШИ ФИЗИКАЛЫҚ ҲӘМ ЮРИДИКАЛЫҚ ШАХСЛАР ДЫҚҚАТЫНА!

КЕМЕЛЕР ҲӘМ КИШИ КӨЛЕМЛИ КЕМЕЛЕРГЕ ИЙЕЛИК   ЕТИЎШИ ФИЗИКАЛЫҚ ҲӘМ ЮРИДИКАЛЫҚ ШАХСЛАР ДЫҚҚАТЫНА!

0
КЕМЕЛЕР ҲӘМ КИШИ КӨЛЕМЛИ КЕМЕЛЕРГЕ ИЙЕЛИК   ЕТИЎШИ ФИЗИКАЛЫҚ ҲӘМ ЮРИДИКАЛЫҚ ШАХСЛАР ДЫҚҚАТЫНА!

Өзбекстан Республикасында кеме айдаўшыларын таярлаў тәртиби белгиленди. Бул бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 4-июльдағы «Кеме айдаўшыларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин асырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы  421- санлы қарары қабыл етилди.

Қабыл етилген Ҳүкимет қарарына муўапық:

а) кеме айдаўшыларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин асырыў ҳәмде кеме айдаўшылары гүўалықларын бериў төмендегилер тәрепинен әмелге асырылады:

- I-, II-, III- топарларға кириўши кемелерди басқарыў ушын – Транспорт министрлиги тәрепинен;

- киши көлемли кемелерди басқарыў ушын – Айрықша жағдайлар министрлиги тәрепинен;

- Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегарашылары тәрепинен болса – өзине тийисли болған  I-, II-, III- топарларға кириўши кемелер ҳәмде киши көлемли кемелерди басқарыў ушын.

б) I-, II-, III- топарларға кириўши кемелер ҳәме киши көлемли кеме айдаўшыларын таярлаў, қайта таярлаў ҳам олардың тәжирийбесин асырыў Министрлер Кабинети жанындағы билимлендириў сыпатын қадағалаўшы мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў тараўындағы хызмети бойынша берилген лицензияға ийе болған юридикалық шахслар тәрепинен әмелге асырылыўы мүмкин.

а) алдын берилген кеме айдаўшысы гүўалықлары 2020-жыл 31- декабрь күнине шекем ҳақыйқый болып есапланады.

Кеме айдаўшысы гүўалықларын алыў мәселелери бойынша Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм Транспорт министрлиги яки олардың аймақлық басқармаларына мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

Еслетип өтемиз! Киши көлемли кемелерден пайдаланыў қағыйдаларын бузған шахслар Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 119-статьясына тийкарланып жуўапкершиликке тартылады.

Ж.Хожанов

Тахтакөпир районы Айрықша

жағдайлар  бөлим баслығы

орынбасары, капитан: