Siyosat Тахтакөпир районы ҳәкими Жамбул Адиловтың район халқына мүрәжаты

Тахтакөпир районы ҳәкими Жамбул Адиловтың район халқына мүрәжаты

0
Тахтакөпир районы ҳәкими Жамбул Адиловтың район халқына мүрәжаты

Ассалаўма-әлейкум, ҳүрметли жолдаслар!

Пүткил дүньяны ләрземге салған, көпшилик инсанлардың набыт болыўына, ал оннан да көплеген инсанлардың өмир менен өлим арасында айқасып жатыўына себепши болған коронавирус инфекциясы шегара таңлап атырған жоқ. Бизиң елимизди жаўлап баслағанына да мине саррас төрт ай болды. Балким, Өзбекстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық қадағалаў инспекциясы бас инспекторы Нурмат Отабековтың брифингте атап өткениндей, елимизге кеселлик 15 марттан бурын кирип келиўи де  мүмкин. Мүмкин деўимиздиң себеби, ол вирус көзге көринбейди, инсанның иммунитетине байланыслы ҳәр кимде ҳәр қыйлы кешетуғынын, иммунитети күшли инсанлар тасыўшы хызметин атқарып жүретуғынын  өткен төрт айдағы тәжирийбелер арқалы билип отырмыз.
  Мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшысы тийисли пәрман ҳәм қарарлар қабыл етип, онда халқымыздың аманлығы, ҳәр бир инсанның саламатлығын ойлап, пуқаралардың түскинликке түсип қалмаўы, экономикалық қыйыншылықларға дус келмеўи, унамсыз ақыбетлердиң алдын алыўда барлық илажларды иске қоспақта.
Белгиленген ис-илажларға муўапық, бизиң Тахтакөпир районында бир қанша жумыслар алып барылып атыр.
Район аймағына коронавирус инфекциясының кирип келиўиниң алдын алыў ҳәм халықтың саламатлығын қорғаў мақсетинде арнаўлы комиссияның баянламасы менен Өзбекстан мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм Мүлик аўыл пуқаралар жыйынында район аймағына кириў ҳәм шығыў жолында автотранспортларды қадағалаў “Жол патрул хызмети” постлары күни-түни нәўбетшилик  тийкарында  жумысларын үзликсиз даўам етип атыр. 
Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы хызметкерлери төрт отрядқа бөлинип, жәмәәтшилик бар жерлерге ҳәр күни дезинфекция жумысларын жүргизбекте. Тахтакөпир “Дийқан базары”на дезинфекция жумыслары жүргизилиўине байланыслы  ҳәр ҳәптениң шемби күни өз жумысын тоқтатады. Медицина хызметкерлерин қорғаныў қураллары, дәри-дармақлар менен қураллаў мақсетинде жергиликли бюджеттен 180 млн 205 мың 355 сум муғдарында қаржы ажыратылды. Медицина бирлеспеси инфекцияға гүман болған наўқаслар ушын 32 атамадағы дәри-дармақлар менен тәмийинленген ҳәм 32 орынлық ажыратылған.
Карантин дәўиринен баслап район аймағында нықапсыз жүрген 310 пуқара ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды. 

         Ҳүрметли пуқаралар!

Республикалық арнаўлы комиссиясының қарары тийкарында бүгин 10-июльдан баслап карантин қағыйдаларына бойсыныў, автотранспорт қуралларының ҳәрекетлерин шеклеў, соның ишинде жәмийетлик транспорт ҳәрекети стикерсиз азанғы ўақыт үш саат, кешки ўақыт үш саат етип  белгиленди. Шаңарақ тойларын бериў, 65 жастан асқан шахслардың жәмәәтлик орынларда, сондай-ақ, көшеде 3 адамнан артық болып топланыўы қадаған етиледи. Улыўма аўқатланыў орынлары, балалар дем алыс орайы, ҳәр қыйлы дөгерек жумыслары тоқтатылды. Булардың бәри –сиз пуқаралардың саламатлығы, вирустың алдын алыў ушын исленип атырқан илажлар екенин жақсы түсиниўиңиз керек.
Тахтакөпир районында бүгинги күнде вирусқа шалынған инсанлар жоқ. Бирақ, биз бул жағдайдан арқайынлыққа берилиўимиз керек деген гәп емес. Сонлықтан да халқымыздан ҳеш ўақытта арқайынлыққа берилмеўин, гигиеналық тазалыққа қатаң итибар бериўин, нықапсыз жүрмеўин соранамыз. Бул кеселлик әсиресе созылмалы аўырыўы бар инсанларда, жасы үлкен қарияларда аўыр кешиўин есапқа алатуғын болсақ, өз жақынларыңызды, ата-аналарыңызды естен шығармаң!   
Районымызда жасаўшы ҳәр бир шаңараққа аманлық, ҳәр бириңизге  беккем саламатлық тилеймен.