Siyosat МӘЖИЛИС БОЛЫП ӨТТИ

МӘЖИЛИС БОЛЫП ӨТТИ

0
МӘЖИЛИС БОЛЫП ӨТТИ

Район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң алып барып атырған жумысларына бағышланған мәжилис болып өтти.

Мәжилиске Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң нураныйлар ҳәм кекселер бойынша басқарма баслығы А.Бустонов, Қарақалпақстан Республикасы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары М.Ахмедова, пуқаралар жыйыны баслықлары, орынбасарлары қатнасты.

photo_2020-07-08_20-52-02

Мәжилисти район ҳәкими Ж.Адилов басқарып барды.

Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап- қуўатлаў министрлигиниң 2020-жыл 9-июньдағы кеңейттирилген видеоселектор мәжилиси баянламасында «Жанажан журтымның абаданлығына өз үлесимди қосаман» сүрени менен июнь-август айларында аўыл аймақларда шаңарақлар менен көшелерди абаданластырыў, көклемзарлыққа айландырыў бойынша ис-реже қабылланды. Өз гезегинде Тахтакөпир районы бойынша абаданластырыў жумысларын алып барыў ҳәр бир көше, елатлы пункт, ҳәр бир шаңарақта әмелге асырылыўы тийис. Сондай-ақ, корнонавирус пандемиясы дәўиринде анықланған ўақытша дәраматсыз, жәрдемге мүтәж 480   шаңарақтың абаданластырыў, жайларын оңлаў жумысларын жақсы жолға қойыў керек. Жәрдемге мүтәж шаңарақлар нәзерден тыс қалдырылмайды. Мәжилисте усы мазмундағы мәселелер қаралып шыққаннан соң, «Айдынжол», «Ғәрезсизлик» мәкан пуқаралар жыйынында алып барып атырған жумысларды көзден өткерди.


photo_2020-07-08_20-52-04

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети