Siyosat Перзент туўылғанда берилетуғын напақаға ҳүжжетлер енди Мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы қабыл етиледи

Перзент туўылғанда берилетуғын напақаға ҳүжжетлер енди Мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы қабыл етиледи

0
Перзент туўылғанда берилетуғын напақаға ҳүжжетлер енди Мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы қабыл етиледи

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 23-май күни “Халықты социаллық қорғаў тараўында мәмлекетлик хызметлерди кɵрсетиўдиң айрым ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы 328-санлы қарары қабыл етилип, қарар менен Перзент туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақа тайынлаў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

Енди пуқаралар Перзент туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақа тайынлаў бойынша Мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат етеди.

Буның ушын пуқаралар Мәмлекетлик хызметлер орайына пуқаралық паспорты, туўылғанлық ҳаққында ПХАЖ бɵлими мағлыўматнамасы ҳәмде баланың туўылғанлығы ҳаққында гуўалық (метрика) нусқасын усынады. Сораўнама Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкери тәрепинен толтырылып ўәкилликли органға жибериледи ҳәмде ўәкилликли орган тәрепинен 5 минут даўамында перзент туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақа тайынлаў яки напақа тайынлаўдан бас тартыў ҳаққында тийкарланған мағлыўматнаманы электрон мағлыўмат алмасыў жолы арқалы усынады. Усынылған мағлыўмат мүрәжат етиўшиге орай хызметкери тәрепинен берилип, мағлыўматнамада напақа пулы қайсы банк филиалынан алынатуғынлығы кɵрсетиледи.

 

 Марат Алламбергенов

 Районлық Мәмлекетлик хызметлер орайы бɵлим баслығы