Өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар ушын
Халықты социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде жумыс пенен бәнт болмаған ҳәм мийнет стажы толық болмаған пуқараларды Өзбекстан Республикасы Қаржы Министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорынан жасы келгенде пенсия таярланып төлениўи ушын өзин-өзи бәнт еткен пуқаралардың ис стажы есабын жүргизиў механизми енгизилди.
Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 311-статъясына муўапық, шет елде ислеген пуқаралар ҳәм ис ҳақыны есапқа алып болмайтуғын пуқаралардың айырым тайпалары тәрепинен қамсызландырыў төлемин төлеўдиң жеке механизми төмендегише:
Жеке тәртиптеги төлеўшилер:
-шет елде жалланған ҳалда ислеўши пуқаралар;
-жеке тәртиптеги исбилермен;
-исбилермен тәрепинен жалланған ислеўшилер;
-шаңарақлық исбилерменлик субекти ҳәм оның шаңарақ ағзасы;
-дийхан хожалығы баслығы ҳәм ағзасы;
-қарамал жетилистириўшилер;
-салық агенти есапланбаған ис бериўшидеги дәрамат алыўшы хызметкер.
Жеке қамсызландырыў төлемин төлеў тәртиби
Ықтыярлы рәўиште:
-шет елде жалланған ҳалда ислеўши пуқара төлеў муғдары жылына ең кем ис ҳақының 4,5 есесин ҳәр айда, шеректе яки келгеннен соң 3 ай ишинде төлеўи керек;
-юридикалық шахс болған ҳәм юридикалық шахс болмаған ҳалда дүзилген дийхан хожалығы ағзалары, сондай-ақ майданы 4 сотыхтан кем болмаған дийхан хожалығында, қыйтақ жеринде бәнт болған яки усымайданда қарамал ямаса 50 бастан кем болмаған үй қусын сақлайтуғын физикалық шахслар тәрепинен Бюджеттен тысқары Пенсия қорына жылына базалық есаплаў муғдарының кеминде 1 есеси муғдарында қамсызландырыў төлеми төленген жағдайда, қамсызландырыў төлеми төленген жыл мийнети стажына киргизиледи.
Мәжбүрий рәўиште
-жеке тәртиптеги исбилермен;
-шаңарақлық исбилерменлик субъекти;
-дийхан хожалығы баслығы;
Төлеў муғдары айына базалық есаплаў муғдарының кеминде 1 есеси муғдарында ҳәр айдың 25-сәнесине шекем төлеўи керек.
-исбилермен тәрепинен жалланған ислеўши;
-шаңарақлық исбилерменлик субъекти шаңарақ ағзасы;
Төлеў муғдары ең кем ис ҳақының кеминде 0,5 есесин ҳәр айдың 25-сәнесине шекем төлеўи керек.
Пуқара биринши нәўбетте өзи жасап турған район яки қалалық орнындағы мәмлекетлик хызмет көрсетиў орайы (бир айна)нан идентификация (ИНН) алыўы керек, егер алмаған болса.
Пуқаралар төлемлерди төлеў ушын пуқара турақлы жасаў мәнзили бойынша салық хызмети уйымына идентификация (ИНН) менен мурәжат етеди.
Мәмлекетлик салық хызмети уйымы Пенсия қорына жеке ғазна есап бетине өткерип береди.
Пенсия қорында автоматикалық рәўиште ис стажы есабы жүргизиледи ҳәм пуқара пенсия жасына жеткенде пенсия таярлап бериледи.
Мурат Нуратдинов
БТПЖ Тахтакөпир районы бөлиминиң бухгалтерия есабы ҳәм есабаты секторы бас қәнийгеси: