Siyosat Ҳүрметли исбилерменлер!

Ҳүрметли исбилерменлер!

0
Ҳүрметли исбилерменлер!

Коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў дәўиринде халықты социаллық қорғаўды күшейттириў ҳәм экономикалық тармақларының хызмет көрсетиў турақлылығын тәмийинлеў, сондай-ақ исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша Президентимиздиң бир қанша Пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилди.

Пәрман ҳәм қарарлар менен исбилерменлерге салық, банк кредитлериниң мүддетлерин узайтырыў, исбилерменлер хызметинде салық аудити тексериўлерине мораторий жәрияланды ҳәм басқа бир қанша жеңилликлер берилди.

Буның менен пандемия шараятында исбилерменлер қоллап-қуўатланды ҳәм оларды банкротлық жағдайына түсип қалмаўы бойынша шаралар көрилди.

Президентимиз тәрепинен қабыл етилген Пәрман ҳәм қарарлар менен берилген жеңиллик ҳәм преференцияларды исбилерменлерге қолланылыўының орынланыўы Бизнес-Омбудсман тәрепинен қадағалап барылмақта.

Атап айтқанда, пандемия дәўиринде 1029 исбилерменлерге пайдаланылмай атырған объектлер бойынша 6,7 млрд сумлық асырылған (жер ҳәм мал-мүлк) салықларын есаплаў тоқтатылды, 3144 мыңнан артық 543 млрд сумлық кредит шәртнамалары бойынша кредит төлемлери кешиктирилди ҳәм де хызметин тоқтатыўға мәжбур болған 365 исбилерменлерге мәмлекет мүлкинен пайдаланғанлығы ушын ижәра төлемлериниң есапланыўы ҳәм өндирилиўи тоқтатылыўына ерисилди.

Мәмлекетимиз Президенти басшылығында 3-июнь күни өткерилген видео селектор жыйналысында карантин шараларын жумсатыў бойынша бир қатар тапсырмалар берди.

Буның нәтийжесинде Республика арнаўлы комиссиясы тәрепинен қабыл етилген қарарға тийкар коронавирус инфекциясының тарқалыўы менен байланыслы эпидемиялық жағдайдан келип шыққан ҳалда, Қарақалпақстан Республикасында Қоңырат районы “қызыл”, Нөкис қаласы “сары” ҳәм қалған барлық районлар “жасыл” тайпаға киргизилди.

Арнаўлы комиссия 2020-жыл 3-июнь күнги 27-санлы қарарына муўапық;

2020-жыл 5-июнь күнинен баслап:

мийманханалар, санаторийлар, пансионатлар, балалар дем алыў орынлары, үй мийманханалары, пляжлар, басқа дем алыў орынлары ҳәм жайластырыў қураллары хызметине (хостеллар буннан тысқары);

үй мийманханалары ҳәм салық уйымларында дизимнен өткен дала ҳәўлилер (дачалар) хызметине (тек ғана шаңарақ мийманханаларына хызмет көрсетиў ушын);

мийманханалар, санаторийлар, пансионатлар, балалар дем алыў орынлары, үй мийманханалары, пляжлар, басқа дем алыў орынларында жайласқан ҳәм де ашық ҳаўада хызмет көрсетиўши улыўма аўқатланыў объектлери (ресторан, кафе, асхана, шайхана) хызметине;

индивидуал шуғылланыў ушын тренажёр заллары ҳәм бассейнлер хызметине;

тәлим орайлары, дөгереклер (10 адамнан көп болмаған топар шөлкемлестирип, ўақтын алдыннан келискен ҳалда) хызметине, сондай-ақ диний шөлкемлер хызметине;

2020-жыл 15-июнь күнинен баслап:

улыўма аўқатланыў объектлери, буйым базарлары хызметине;

мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери хызметине;

аймақлар арасындағы автобус қатнаўларына рухсат берилмекте.

Өз нәўбетинде орнатылған карантин қағыйдаларына қатаң әмел етиў, атап айтқанда:

Жәмийетлик орынлар ҳәм исбилерменлик хызмети объектлеринде социаллық аралық (2 метр)ты сақлаў, үш адамнан артық жыйналмаў, пуқаралардың медициналық нықаптан ҳәмде антисептикалық қураллардан пайдаланыўы;

дийхан, қурылыс базарлары, азық-аўқат ҳәм азық-аўқат саўда орынлары (супермаркет ҳәм басқа ири дүканлар) кириў-шығыў орынларын пирометрлар ҳәм антисептикалық қураллар менен тәмийинлеў ҳәмде ҳәр бир пуқараның дене температурасын өлшеп, 37°С ҳәм оннан жоқары болған жағдайда, усы комплекслерге киргизбеў шараларын көриў;

барлық мәкемелер кириў-шығыў орынларын пирометрлар, антисептикалық қураллар ҳәм дезинфекциялық “төсек”лер менен тәмийинлеў ҳәмде хызметкерлер тәрепинен социаллық аралық

(2 метр)ты сақлаған ҳалда жумыс жүргизиўин тәмийинлеў, сондай-ақ хызмет түрлери бойынша белгиленген санитария қағыйдалары ҳәм нормаларына әмел етиў ҳәр биримиздиң баслы ўазыйпамыз ҳәм жуўапкершилигимиз екенлигин умытпаўымыз лазым.

Сол себепли, Исбилерменлик субъектлери тәрепинен өз хызметлерин белгиленген карантин қағыйдаларына, санитария қағыйдаларына ҳәм нормаларына қатаң әмел еткен ҳалда әмелге асырыўыңызды сорап қаламыз.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша

Ўәкил аппараты