Ma'daniyat Ийбе ийманнан саналады

Ийбе ийманнан саналады

0
Ийбе ийманнан саналады

Ийбе сөзи-сөзликте уялыў, тартыныў сыяқлы мәнилерди билдиреди. Басқашарақ айтқанда «Ийбе-айыплаўдан ҳәм де жаманлаўдан қорқып өзин төмен алыў ушын өзгериў».

   Алым  Журжоний раҳимаҳуллаҳ ийбени төмендегише тәрийплеген:“Ийбе-нәпсиниң бир нәрседен тартыныўы ҳәм жаладан сақланыў мақсетинде оны тәрк етиў».  (“Таърифот” китабы)

   Аллаҳ таала Қураны кәримде өткен салиҳалардан бириниң ийбесине айрықша итибар берип сондай делинген, яғный, олардан еки қыздан бири ийбе менен жүрип келип, Атам сизди бизлерге қойларымызды суўғарып бергениңизге ҳақы бериў ушын шақырмақта, деди.  (“Қасас” суреси, 25-аят)

   Муса алайҳиссаламның алдына келип ийбе етип, «Атам сизге бизлерге суўғарып бергениңиздиң ҳақысын бериў ушын шақырмақта» деген бул қыз Шуъайб алайҳиссаламның ийбели етип тәрбиялаған қызларынан еди.

   Абу Ҳурайра разияллаҳу анҳудан рәўият етилген ҳәдисте Пайғамбарымыз с.а.ў: “Ийман жетпистен артық бөлектен ибарат, оның ең абзалы “Ләә иләәҳә иллаллоҳ” деўи ҳәм ең төмени жолдағы азар беретуғын нәрсени алып таслаўдан ибарат.

   Ийбе де ийманның бир бөлеги”,-деген.  (Имам Муслим рәўиятлары)

   Усы ҳәдисте ийманның ең жоқары ҳәм ең төменги бөлеклеринен кейин ийбени айрықша анализлеп, ийбе-ийманның бир бөлеги, деп айтыўы бийкар емес. Себеби, ийбе ийманның ең әжайып көринислериниң бири болып, инсанды ҳәмме ўақытта жақсылыққа жетелейтуғын, жаманлықтан жырақластыратуғын әжайып туйғы болып саналады.

   Ибн Умар разияллаҳу анҳудан рәўият қылған басқа бир ҳәдисте былай делинеди, “Ийбе ҳәм ийман екеўи егиз болып, қашандур олардың бири көтерилсе басқасы да көтериледи.  (Имам Ҳәким ҳәм Имам Байҳақий)

   Уламаларымыз ийбени төрт түрге бөлген ҳәм олардың ҳәр бири мақталған саналады.

Бириншиси: Аллаҳ тааладан ийбе қылыў;

Бунда бенде Аллаҳ таала қайтарған ислерди ислеўден, буйырғанларын орынлаўда қәте-кемшиликке жол қойыўдан ийбе етип тыйылыў түсиниледи.

Бирақ, Аллаҳ таала ҳәр бир бендениң жан тамырынан көре жақынырақ оның барлық ис-ҳәрекетлеринен хабардар. Бул ҳаққында өзиниң сөзинде былай дейди: “Инсанды (Биз) жаратқанбыз, оның нәпси ҳәм кеўлинен кеширетуғын нәрселерин де билемиз. Биз оған мойын тамырынан да жақынбыз”.  (Қоф сүреси, 16-аят)

   Имам Наўаўий раҳимаҳуллаҳ “Шарҳи Арбаин” китабында: “Ҳақыйқый ийбе-бенде биринши болып Аллаҳтан шын мәниде уялыўы”-деген ҳәм буған дәлийл сыпатында  төмендеги ҳәдисти келтирген.

   Расулуллаҳ с.а.ў саҳабаларына  қарата: “Алладан ҳақыйқый ийбе тилеңлер» деген. Саҳабалар “Эй Алланың Расули, биз, әлбетте, ийбе қыламыз, әлҳамдулилләҳ”,-дейди.

   “Олай емес. Алладан ҳақыйқый уялыў, басты ҳәм ол өз ишине алатуғын нәрселерди, қарынды ҳәм ол өз ишине алатуғын нәрселерди сақлаў. Өлимди ҳәм қәбирде шириўди еслеўиңиз, ким ақыретти қәлесе дүнья зийнетин тәрк етер, ким соларды қәлесе Аллаҳтан ҳақыйқый ийбе келген болар,-деди  (Имам Термизий рәўиятлары).  Солай екен бас өз ишине алған нәрселер көз, қулақ, мурын, аўыз, тил екенлигин билип қойған лазым. Усы нәрселерди жаманлықтан сақлаў менен Аллаҳтан ҳақыйқый ийбе қылыўдың айырым шәртлери орынланар екен. Қарын өз ишине алатуғын нәрселер азықлықлар ҳәм фарж (әўрет ағза) нәзерде тутылмақта. Демек, азықтың ҳалал болыўы ҳәм әўрет ағзаларды гүнәдан сақлаў менен Аллаҳтан ҳақыйқый ийбе қылыўдың базы шәртлери жүзеге келер екен.

Өлимди еслемеген, қәбирде шириўди еслемеген инсанлар ҳеш нәрседен ийбе қылмайтуғыны усы ҳәдистен көринип тур.

Аллаҳ тааладан ийбе қылған адам жамийетлик орынларда да, жалғыз қалғанда да өзин бирдей тутады өзгермейди. Адамлар көз алдында қылмаған гүнәсын  Пәрўардигарынан қорыққаны ушын жеке қалғанда да ислемейди. Егер исанда Аллаҳтан уялыў әдети болмаса, бул оның бул дүньяда да, ақыретте де  шерменделигине себеп болады.

   Расулуллаҳ с.а.ў өзиниң ҳәдисинде: “Үмметимизден сондай кисилерди билемен олар қыямет күни Туҳома таўындай аппақ қайырлы ислерди алып келеди. Аллаҳ олардың жақсылықларын шаң тозанға айландырады".

   Саҳабалардан Саўбан разияллаҳу анҳу: “Я Расулуллаҳ, Оларды бизге ашық айдын сыпатлап бериң, бизде өзимиз билмеген ҳалда солардай болып қалмайық деди. Сонда ол: “Олар сизиң бирәдарларыңыз ҳәм уқсасларыңыз. Тап сизлер түнлерде (таҳажжуд намазын окып) несийбе алғаныңыз сыяқлы олар да ибадаттан несийбелерин алады.

   Олар жалғыз қалғанда Аллаҳ ҳарам қылған ислерди ислеўден қайтпайды,-деп жуўап берген”.  (Имам Ибн Можа рәўиятлары)

Екиншиси: Малойкалар (Периштелер) дан уялыў;

Аллаҳ таала усы мәниге белги берип мәрҳамат қылған: “Дейик сизлердиң үстиңизде ядлап турыўшы периштелер бар. Олар номаи (әмеллер жазылыўшы китап) әмелге жазыўшы уллы зат саналады ҳәм сиз ислеген нәрселерди биледи.  (Инфитор сүреси, 10-12-аятлар)

   Ҳәдислердиң биринде: “Абайлы болың, ҳало (ҳәжет) менен жимодан (қосылыў) басқа ўақытта сизлерден айырылмай барлық ўақыт бирге жүретуғын затлар бар. Солай екен ийбе қылың ҳәм оларды ҳүрмет етиң делинген.

   Бул ҳәдисте нәзерде тутылған тулғалар әлбетте Аллаҳтың садық қуллары-периштелер. Олардан ийбе қылыў-өзимизди динге, әдеп-икрамлыққа қайшы келетуғын қәлеўсиз әдет ҳәм көринислерден узақ тутыўымыз арқалы болады.

Ушиншиси: адамлардан ийбе қылыў;

   Адамлардан ийбе қылыў өзгелер арасында көрсетилиўи уятлы саналатуғын ағзалар-әўрет жерлерди жасырыў, оны өзге көзлерден жасырыў менен бирге кисилерге тили, қолы менен зыян бериўди тоқтатып жаман сөзлер менен инсанлар кеўилин қабартпаў қорламаў болып саналады. Әсиресе, ҳәзирги ўақытта дүньяда кешип атырған әдепсизликтиң ҳәр қандай түрлери журтымыз сиясый турмысына “Массалық мәденият” көринисине кирип келип, өзиниң кери тәсирин тийгизип атырғаны сыр емес. Буны әсиресе ҳаял-қызлар, жаслардың өзин тутыўы, мәмилеси, кийиниўинде айқын сезиў мүмкин.

   Набий алайҳиссалам адамлардан қылынатуғын ийбени, жақсы-жаман ислер ушын өлшем етип белгилеген ҳәм сондай делинген: “Бир нарсени адамлар көриўин жақтырмасаңыз, жалғызлықта да бул исти қылмаң!”.  (Имам Ибн Ҳиббон рәўиятлары)

   Ҳузайфа ибн Яман разияллаҳу анҳу айтады: “Адамлардан уялмайтуғын кисиде қайыр жок. Ибн Масъуд разияллаҳу анҳу: “Адамлардан ийбе қылмаған, Аллаҳ тааладан да ийбе қылмайды”,-деган. Умар разияллаҳу анҳу: “Кимниң ийбеси аз болса, парҳезлиги азаяды. Кимниң парҳезлиги аз болса, қәлби өледи”,-деген.

Төртиншиси: өз нәпсинен ийбе қылыў;

   Өз өзинен ийбе қылыў да жаксы қәсийет болып есапланып, ол хеш ким көрмейтуғын  орында да өзин орынсыз ҳәрекетлерден сақлаў.

Уламалардан бири: “Өзинен өзи уялыў, басқалардан уялыўға қарағанда көбирек болыўы лазым” деген. Уламалардан тағы бири болса: “Кимдур ашық айдында ислеў уят болған исти жасырын қылса ол өз нәпсин өзиниң алдында қәдирсиз қылған саналады.

   Үмметлери ушын ҳәр бир исте үлги болған Тулға Муҳаммед алайҳисаллам ийбе бабында да алдынғы қатарда еди. Абу Сайд ал-Худрий разияллаҳу анҳу Пайғамбарымызды былай тәрийплейди: “Расулуллаҳ с.а.ў.ның ийбеси шымылдықтағы келиншектен де күшлирек еди. Бир нәрсени қәлемесе жүзинен билер едик.  (Имам Бухорий рәўиятлары)

   Бул  ҳәдисте де Расулуллаҳ с.а.ў.ның ийбесин тарийплеўде гөззал уқсатыў таңланған. Мәлим болғандай, ийбениң ең жоқарғы шоққысы шымылдыққа кирген жаңа келиншекте гүзетиледи. Расулуллаҳ с.а.ў.ның ийбеси болса сол дәрежеден де  жоқары еди. Сондай-ақ, Пайғамбарымыз саҳабаларды бәрқулла ийбеге үгит-нәсиятлаған. Ийбесизликтиң кери ақыбетлеринен хабарландырады.

   Мәселен ҳәдислердиң биринде сондай деген: “Не нәрседе бузықшылық болса, әлбетте, оны шерменде қылады. Не нәрседе ийбе болса, оны әлбетте зийнетлейди”,-делинген.  (Имам Термизий рәўиятлары)

   Басқа бир ҳәдисте болса: “Ийбе ийманнандур, ийман жәннеттедур,  Иймансызлық жападур, жапа дозақтадур”,-делинген.  (Имам Термизий ҳәм Ибн Можа рәўиятлары)

Үйлесимлик қәлибтен ийбени кетиреди, ийбе барлық жақсылықлардың тийкары. Ийбениң кетиўи барлық жақсылықтың кетиўи. Үйлесимликте турақлы болыў әсте ақырын ийбени әззилетеди, биротала жоқ қылып жибериўи де мүмкин. Қәлиб қаншелли тири болса, ийбе мүлки де соншелли күшли ҳәм беккем болады.

“Ийбе” менен “өмир” сөзиниң өзеги бир екенлиги бийкар айтылмаған әлбетте.

Жоқарыдағы аят ҳәм ҳәдислерден бийҳаялық барлық бузғыншылықтың тийкары екенлиги мәлим болмақта. Бийкарға әўелден егер ийбе қылмасаң қәлегениңди қылабер делинбеген.

Тилекке қарсы бүгинги күнимизде түрли бузғыншы тайпалар тәрепинен ийбесизлер инсанларды абыройсызландырыў, атына кир келтириў ҳәўиж алып атырғанына гуўамыз.

Негизинде, динимизде инсанның ҳүрмет ҳәм иззетин төгиў оның қанын төгиўге теңлестирилген. Аллаҳ таала Қуръани кәримниң “Ҳумаза” сүресинде: “Ҳәр бир абырой төгиўши ҳәм айыплаўшыға ўайл (өлип кетсин) болсын”,-деген (1-аят). Демек, кисиниң абыройын төгиўге болған урыныў қатты қараланады ҳәм оның ақыреттеги жазасы да соған жараса болады.

Хошласыў ҳажында Расулуллаҳ с.а.ў: “Мине усы журтта (яғный Меккеде), усы айда, усы күнде (урысыў ҳәм қолайсыз ислерди ислеў) қандай нәрсе ҳарам қылынған болса сизлердиң қанларыңыз,  малларыңыз ҳәм абыройларыңыз да тап усындай ҳарам қылынған саналады, деп бир неше мәрте тәкирарлаған.

Соңғы ўақытларда түрли сайтлар ҳәм социяллық тармақларда адамлардың әсиресе уламалардың абыройын түсирип сол арқалы абырой арттырыўға урыныў ҳалатлары көзге тасланбақта. Бул ҳалат биз жоқарыда келтирген аят ҳәм ҳәдислерде қараланған болып ҳарам, жиеркенишли ислерден саналады. Биреўдиң абыройын төгиўшилердиң ҳалына бул дуньяда да, ол дуньяда да азап болады.

Аллаҳ таала Пайғамбарымыз с.а.ў.ға сондай ҳәмир қылған: “(Хәй, Муҳаммед), Раббиңиздиң жолына (динине) ҳикмет ҳәм шырайлы нәсият пенен шақырың! Олар менен ең гөззал усылда пикирлесиң!”.  (Наҳл сүреси, 125-аят)

Ислам дини ҳикмет ҳәм шырайлы нәсият дини саналады. Бузғыншылық қопарыўшылық дини емес. Ҳәзир де бузғыншы тайпалар ойлап таўып атырған жиҳад түрлери Ислам динине улыўма жат болып есапланады. Олар көбине мусылманлардың Ислам ҳүкимлерин билмеўи, илимий дәрежеге ийе емеслигин пайдаланып “Жиҳад-муқаддес урыс” деген түсиникти үгит-нәсиятлап жазықсыз қан төгилиўге себеп болмақта.

Бүгинги күнимизде кең тарқалған ийбесизлик көринислеринен бири-сөгиниў. Әсиресе, жәмәәт орынларында айырым жаслардың сөгиниўи қулаққа шалынатуғын болып қалды. Уятсызлардай кемситиў, ата-анадан сөгиў, өз ата-анасын сөгиў менен барабар болған гунаҳи кабира (үлкен гүнәлар) саналады.

Абдуллаҳ ибн Масъуд разияллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте Пайғамбарымыз с.а.ў: “Мусылман кисини сөгиў пасықлықдур. Ол менен урысыў кәпирликдур”,- деген.  (Имам Бухорий ҳәм Имам Муслим рәўиятлары)  

Өз-ара келисе алмай қалған адамлар бирин-бири ғарғап силеўи динимизге туўры келмейди.

Жуўмақластырып айтқанда ийбе-ийманды беккемлейди. Себеби ийбели киси жаман әмеллерди қылыўдан өзин тоқтатады. Ийбе-бойсыныўға ийтермелейди. Ийбе-бул инсанда бар болған қәсийет болып, оны шәрият әдеплерине әмел етиў арқалы күшейттириледи.

Аллаҳ таала бәршемизди Ислам қулықлары менен зийнетлениўимизге миясар етсин.

Бақберген Надиров

Тахтакөпир районы Халық жәмәәтлик мешити имам-катиби