Siyosat Товардағы кемшиликлерди бийпул сапластырыў тәртиплери ҳаққында

Товардағы кемшиликлерди бийпул сапластырыў тәртиплери ҳаққында

0
Товардағы кемшиликлерди бийпул сапластырыў тәртиплери ҳаққында

«Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы нызамының 15-статьясында товардағы кемшиликлерди бийпул сапластырыў тәртиплери бойынша нормалар белгилеп берилген. Оған көре:

Товарда кепиллик мүддетинде табылған кемшиликлерди сатыўшы тутыныўшы тийисли талап қойған пайтдан баслап жигирма күн ишинде, ислеп шығарыўшы болса, он күн ишинде бийпул сапластырыўы лазым.

Тутыныўшы кепиллик мүддети жуўмақланғаннан кейин товардың кемшиликлерин бийпул сапластырыў туўрысында ислеп шығарыўшыға талап қойыўға ҳақлы. Бундай талап, егер товарда ислеп шығарыўшының айыбы менен жол қойылған айтарлықтай кемшиликлер анықланған болса, белгиленген хызмет мүддети даўамында, егер хызмет мүддети белгиленбеген болса, он жыл даўамында қойылыўы мүмкин.

Узақ мүддет даўамында пайдаланылатуғын товарды оңлаўға кететуғын ўақытта пайдаланып турыў ушын тутыныўшының талабына көре кемшиликли товар қайтарып берилгенинен кейин үш күн ишинде оған әне сондай маркалы (моделли, артикулли) товар берип турылады (сатыўшының есабынан оның өзи яки ўәкили жеткерип береди). Буның ушын ислеп шығарыўшы сатыўшы менен биргеликте шәртнама тийкарында товарлардың алмасыў фондын нәзерде тутыўлары шәрт. Усы талаплар енгизилмейтуғын узақ мүддет даўамында пайдаланылатуғын товарлар дизимин Өзбекстан Республикасының Ҳүкимети белгилейди.

Товардағы кемшиликлерди сапластырыў характерине талап қойылған тәғдирде, одан пайдаланыўдың кепиллик мүддети тутыныўшының товардан пайдалана алмаған дәўирге тең мүддетке создырылады. Усы мүддет тутыныўшы кемшиликлерди сапластырыў талабы менен мүрәжат еткен күннен баслап есаплана баслайды.

Сатыўшы (ислеп шығарыўшы) тутыныўшының оңлаўға кететуғын ўақытта пайдаланыў ушын сондай товарды берип турыў ҳаққындағы талабын орынлаўы кешиктирилген ҳәр бир күн ушын, сондай-ақ, кемшиликлерди сапластырыўдың шәртнамадан келип шығатуғын мүддетлеринен артық кешиктирилген ҳәр бир күн ушын товар бахасының бир пайызы муғдарында тутыныўшыға неустойка (пеня) төлейди.

 

Р.Курбанов

Тахтакөпир районы әдиллик  бөлиминиң бас мәсләҳәтшиси