Siyosat ҮЙ-ЖАЙ САТЫП АЛЫЎ БОЙЫНША СУБСИДИЯ ТӨЛЕЎ ТӘРТИБИ

ҮЙ-ЖАЙ САТЫП АЛЫЎ БОЙЫНША СУБСИДИЯ ТӨЛЕЎ ТӘРТИБИ

0
ҮЙ-ЖАЙ САТЫП АЛЫЎ БОЙЫНША СУБСИДИЯ ТӨЛЕЎ ТӘРТИБИ

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 25-март күни «Үй-жай сатып алыў ушын пуқараларға субсидия төлеў тәртиби ҳаққында режесин тастыйықлаў ҳаққында»ғы 182-санлы қарары қабыл етилди.

Қарар менен үй-жай сатып алыў ушын пуқараларға субсидия төлеў тәртиби ҳаққында реже тастыйықланды.

Субсидия өзи не?

Субсидиялар-дәраматы жоқары болмаған шахсларға ипотека кредитлери тийкарында үй-жай сатып алыў ушын басланғыш төлем яки кредит пайыз төлемлериниң бир бөлегин қаплап бериў мақсетинде мәмлекет бюджетинен қайтарып берилмейтуғын қаржылар түсиниледи.

Субсидия, сондай-ақ, ипотека кредити бойынша пайызларды қаплаў ушын да берилиўи мүмкин.

Бунда аўыллық жерлерде-биринши бес жыл даўамында ипотека кредити бойынша пайыз төлемлери менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын-10 пайызлық пункттен асқан бөлегине,

Қалаларда- дәслепки төлемниң бир бөлегин төлеў менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын үй-жай есапланған қунның 10 пайызы муғдарында ҳәм биринши бес жыл даўамында кредит пайызларын қаплаў ушын-Ташкент қаласында 12 пайызлық пункттен асқан бөлегине, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўалаятлар қалаларында 10 пайызлық пункттен асқан бөлегине төленеди.

Субсидия үй-жай шәраятын жақсылаўға мүтәж болған шаңарақларға, аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға, мәмлекет социаллық турмысында актив қатнасып атырған жаслар ҳәм усындай басқа да Өзбекстан Республикасы пуқараларына ажыратылады.

Сондай-ақ субсидия алыў ушын пуқара 18 жасқа толған болыўы керек. Егер пуқара мийнет мигранты болғанда, оның атынан шаңарақ ағзалары да арза бериўи мүмкин.

Субсидия алыў ушын арза Мәмлекетлик хызметлер орайларына яки  my.gov.uz порталы арқалы электрон тәризде бериў мүмкин.

Бунда төмендеги ҳүжжетлер талап етиледи.

Атап айтқанда:

1. Паспорт;

2. Шаңарақ ағзаларының паспорты ҳәм неке гүўалығы (толық шаңарақ ҳәм ер жеткен перзентлери болғанда) ҳәм перзентлериниң туўылғанлығы ҳаққында гүўалықлары (егер жас өспирим болса) нусқасы;

3. Неке бийкар етилгенлиги ҳаққында гүўалық яки неке ҳақыйқый емес деп табылғанлығы ҳаққында суд қарары (неке дүзилген жағдайларда) ҳәм шаңарақ жағдайы ҳаққында ПҲАЖ органлары архивинен мағлыўматнама нусқасы (некеде болмаған жағдайларда);

4. Турақлы жасаў орнынан кадастр номери ҳәм түрине тийисли мағлыўматлар;

5. Турақлы жасаў орнынан үй дәптеринен яки квартира карточкасының
(17-форма бойынша) нусқасы;

6. Арза бериўши ҳәм биргеликте қарыз алыўшылардың дәраматы ҳәм услап қалынған дәрамат салықлары ҳаққында мағлыўматнама (қосымша дәраматлар болса салық декларациясы).

Субсидия алыў процессинде Мәмлекетлик хызметлер орайлары Сизден тек ғана арза алып қалып, арза нәтийжеси бойынша мағлыўматларды усынады.

 

П.Реймқулов

                           Тахтакɵпир районы Мәмлекетлик хызметлер орайы директоры